Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республикамызда киберспортты қәўипсиз раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша экосистема жаратыў, жарыслар ҳәм турнирлерди системалы түрде өткериў арқалы қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) және оларды профессионал киберспортқа бағдарлаў, мәлимлеме технологиялары ҳәм IT-индустрия ушын потенциаллы кадрларды таярлаў ҳәм оларды тараўға тартыў жумысларын және де кеңейтиў мақсетинде:
- Республикамызда киберспорт рәсмий түрде өз алдына спорт түри сыпатында тән алынғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер киберспорт түрлерин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
киберспорт түрлери бойынша профессионал спортшылар (киберспортшылар) ҳәм тренерлер, маман төрешилер, шолыўшылар ҳәм басқа да қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў системасын енгизиў;
киберспорт түрлери бойынша республикалық ҳәм халықаралық чемпионатлар ҳәм турнирлер шөлкемлестириў, сондай-ақ, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық жарысларда мүнәсип қатнасыў;
киберспорт түрлери бойынша илимий ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар ҳәм әдебиятлар ислеп шығыў және басып шығарыў;
киберспорт инфраструктурасын және де раўажландырыў ҳәм кеңейтиў, тараўға тиккелей инвестициялар тартыўды хошаметлеў;
киберспорт түрлерине унамлы жәмийетлик пикирди қәлиплестириў, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў.
- Спортты раўажландырыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги республикамызда киберспорт түрлерин раўажландырыў ҳәм кеңнен ен жайдырыўға жуўапкер ўәкииликли мәмлекетлик уйымлар етип белгиленсин.
Онда, олардың ўазыйпалары төмендегише белгиленсин:
Спортты раўажландырыў министрлиги – киберспортты рәсмий спорт түри сыпатында үгит-нәсиятлаў, ол бойынша жергиликли ҳәм халықаралық чемпионатлар, турнирлер ҳәм басқа да жарысларды шөлкемлестириў, жәҳән киберспорт майданында Өзбекстанның абырайын жақсылаў бойынша илажларды көриў;
Мәлимлеме технолгиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги – компьютер ойынлары санааты бойынша жергиликли ҳәм сырт ел компанияларына зәрүр шараятлар жаратыў, республика көлеминде киберспорт чемпионатлары, турнирлери ҳәм басқа да жарысларда жергиликли киберспортшылар қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў.
- Спортты раўажландырыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Жаслар ислери агентлигиниң 2023-жылдан баслап дәстүрий түрде киберспорт түрлери бойынша:
ҳәр жылы апрель айында «Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемпионатын;
ҳәр жылы декабрь айында «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң кубоги» турнирин;
ҳәр жылы июнь айында «Жаслар кубоги» турнирин өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- а) «Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемпионаты, «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң кубоги» ҳәм «Жаслар кубоги» турнирлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-апрельдеги ПҚ-201-санлы қарарында белгиленген талапларға муўапық үш басқышта шөлкемлестирилетуғыны. Онда, район (қала)лық ҳәм ўәлаятлық басқышлар онлайн тәризде өткерилетуғыны;
б) «Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемнионаты 2024-жыл 1-январьдан баслап, «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң кубоги» турнири болса 2023-жыл 1-январьдан баслап спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режесине киргизилетуғыны;
в) «Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемпионаты, «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң кубоги» ҳәм «Жаслар кубоги» турнирлери, сондай-ақ, киберспорт түрлери бойынша басқа да чемпионатлар, турнирлер ҳәм жарысларды өткериў бойынша арнаўлы порталды (кейинги орынларда – Портал) жаратыў ҳәм қаржыландырыў және турақлы қоллап-қуўатлаў Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки дирекциясы (кейинги орынларда- IT-парк) тәрепинен әмелге асырылатуғыны. Онда, Порталды жаратыў ушын қаржылар IT-паркке Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры тәрепинен ажыратылатуғыны;
г) «Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемпионатын өткериўге байланыслы барлық қәрежетлер 2023-жылы төмендеги тәртипте әмелге асырылатуғыны:
чемпионаттың республикалық финаль басқышын өткериў ушын – Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры тәрепинен 9-паркке бир мәртелик ажыратылатуғын 1,5 миллиард сум қаржылары есабынан;
чемпионаттың район (қала)лық ҳәм ўәлаятлық басқышларын өткериў ушын – спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажаларының аймақлық календарь режеси, Жаслар ислери агентлигиниң бюджттен тысқары қорынан тең үлеслерде ажыратылатуғын жәми 2 миллиард сум қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны;
д) 2024-жылдан баслап «Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемпионатын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер болып есапланатуғыны белгиленсин:
спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының республикалық календарь режесине усы мақсетлер ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылған қаржылар;
аймақлық «Жаслар дәптери» қорларының қаржылары;
Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қаржылары;
қорлар, спорт федерация (ассоциация)лары, клублары, сырт ел инвесторлары, денетәрбия ҳәм спорт жәмийетлериниң қаржылары;
юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Салық кодексиниң 369-статьясы 1-бәнтине муўапық «Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемпионаты, «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң кубоги» ҳәм «Жаслар кубоги» турнирлери, сондай-ақ, киберспорт түрлери бойынша чемпионатлар, турнирлер ҳәм басқа да жарысларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған киберспортшыларға берилетуғын ақшалай сыйлықлар ҳәм саўғалар физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын есаплаўда жәми дәрамат қурамына киргизилмейтуғыны ҳәм, өз гезегинде, салыққа тартылмайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Киберспорт түрлерин және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша уйымлараралық кеңес (кейинги орынларда – Уйымлараралық кеңес) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Уйымлараралық кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
мәмлекетимизде киберспорт түрлериниң потенциалын үйрениў, бул тараўда заманагөй стандартларды енгизиўди шөлкемлестириў;
жаслар арасында киберспорт түрлери бойынша чемпионатлар, турнирлер ҳәм басқа да жарысларды (соның ишинде, «Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемпионаты, «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң кубоги» ҳәм «Жаслар кубоги» турнирлери) шөлкемлестириў ҳәм ғалаба ен жайдырыў;
киберспорт түрлери бойынша чемпионатлар, турнирлер ҳәм басқа да жарысларды өткериў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў, соның ишинде, олардың шеңберинде өткерилетуғын киберспорт түрлерин белгилеў;
киберспорт түрлери бойынша чемпионатлар, турнирлер ҳәм басқа да жарысларды өткериў ушын қәрежетлер сметасын тастыйықлаў ҳәм қаржыландырыў көлемлерин белгилеў;
киберспорт түрлери бойынша Өзбекстан сайланды командаларының жәҳән ҳәм Азия чемпионатлары ҳәм басқа да халықаралық турнирлерде қатнасыўын тәмийинлеў;
киберспорт түрлери бойынша чемпионатлар, турнирлер ҳәм басқа да жарысларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған командаларды хошаметлеў илажларын белгилеў;
киберспортты және де раўажландырыў ҳәм кең түрде ғалаба ен жайдырыў бойынша қосымша шараятларды жаратыў.
- Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Киберспорт түрлерин буннан былай да раўажландырыў ҳәм кең көлемде ғалаба ен жайдырыў илажлары бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
киберспорт лигасын шөлкемлестириў ҳәм оның шеңберинде киберспорт клублары арасында системалы түрде киберспорт лига жарысларын өткериў;
киберспортты буннан былай да раўажландырыў ҳәм кең көлемде ғалаба ен жайдырыў бағдарында спорт федерация (ассоциация)ларының жумысын күшейтиў;
киберспортты раўажландырыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў;
киберспортшылардың денсаўлығына кери тәсир ететуғын факторларды азайтыў;
киберспортта «ping» машқаласын басқышпа-басқыш сапластырыў;
дүнья базарында бәсекилесе алатуғын киберспорт ойынларын ислеп шығыў ҳәм коммерцияластырыў;
киберспорттың перспективалары ҳаққында үгит-нәсият жумысларын күшейтиў;
киберспорт пенен шуғылланып атырған жасларда саламат спорт мәдениятын қәлиплестириў, олар тәрепинен нызамсыз ҳәм жәмийетке жат ҳәрекетлер ислениўиниң алдын алыў.
- Спортты раўажландырыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң:
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетинде 2023-2024-оқыў жылынан баслап «Спорт иси: киберспорт» бакалавриат тәлим бағдарын ашыў және бул бағдар бойынша оқыў мүддетин 3 жыл етип белгилеў;
«Uzbekistan Esports Championship» республикалық чемпионатында кейинги бир жылда жеңимпаз (1-орын) болған киберспортшыларды 2023-2024-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң «Спорт иси: киберспорт» бакалавриат билимлендириў бағдарына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларды тапсырыўдан азат етиў ҳәм оларға максималл балл бериў;
киберспорт ҳәрекетин өзин-өзи бәнт еткен адамлар шуғылланыўы мүмкин болған ҳәрекет (ислер, хызметлер) түрлериниң дизимине киргизиў;
Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтында киберспорт түрлери бойынша тренерлер, шолыўшылар, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелерди қайта таярлаў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдурахманов) Спортты раўажландырыў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, киберспорт бойынша нәтийжели жумыс алып барып атырған спорт федерация (ассоциация) лары ҳәм басқа да мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте миллий киберспорт ойынларын жаратыў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде Денетәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институтына 2023-жылы грант ажыратсын.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Ҳусанов) Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплик классификаторына (ХТЛЖКК-2020) киберспорт тренери, киберспорт төрешиси ҳәм басқа да киберспорт қәнигелери киргизилиўин тәмийинлесин.
- Жаслар ислери агентлиги, Спортты раўажландырыў министрлиги және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң 2023-жыл 1-январьдан баслап:
киберспорт клубларына олардың имарат ҳәм объектлериниң ижара төлеми қәрежетлерин қаплаў ушын аймақлық «Жаслар дәптери» қорларының қаржылары есабынан ҳәр 3 ай даўамында 15 миллион сумға шекемги қаржыларды ажыратыў;
ажыратылып атырған қаржыларды киберспорт клубларына арнаўлы шәртлер (киберспортшыларды таярлаў, тренер тартыў, жарысларға қатнасыў ҳәм басқалар) тийкарында бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Жаслар ислери агентлиги, Спортты раўажландырыў министрлиги және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги бир ай мүддетте киберспорт клубларына пул қаржыларын ажыратыў шәртлерин белгилесин ҳәм жәрияласын.
- Олимпиада қалашасы объектлерин жойбарлаў, қурылыс-монтажлаў, үскенелеў ҳәм қаржыландырыў ислерин муўапықластырыў бойынша жумысшы топардың Ташкент қаласы, Яшнабад районында қурылып атырған Олимпиада қалашасында киберспорт түрлери бойынша чемпионатлар, турнирлер ҳәм жарысларды өткериў ушын заманагөй киберзонаны шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
Онда, киберзона, соның ишинде, төмендегилерден ибарат болыўы белгилеп қойылсын:
чемпионатлар, турнирлер ҳәм жарыслар өткерилетуғын арнаўлы зал;
мобил киберспорт шынығыўлары залы;
сервер үскенелери сақланатуғын орын;
оқыў-шынығыўлар орайы;
чемпионатлар, турнирлер ҳәм жарысларды тиккелей сәўлелендириў, сценаристлер, режиссёрлар, аналитиклер ҳәм шолыўшылар ушын студия;
киберспорт өнимлери ҳәм товарларын реклама етиў және реализациялаў шақапшасы.
Киберзона жумысын шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер Олимпиада қалашасы объектлерин жойбарлаў, қурылыс-монтажлаў ҳәм үскенелеў ислери ушын белгиленген дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин;
Олимпиада қалашасы объектлерин жойбарлаў, қурылыс-монтажлаў, үскенелеў ҳәм қаржыландырыў жумысларын муўапықластырыў бойынша жумысшы-топар (А.Арипов) киберзонаның жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери белгиленген тәртипте ислеп шығылыўы ҳәм мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин, сондай-ақ, жойбарлаў объектлери өз ўақтында ҳәм сапалы қурылыўы үстинен қадағалаў орнатсын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Жаслар ислери агентлиги:
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте 2023-2024-жылларда заманагөй киберспорт ареналарын шөлкемлестириў, оларды зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў, киберспорт түрлери бойынша халықаралық турнирлерди өткериў ушын халықаралық шөлкемлердиң грантларын, техникалық жәрдем ҳәм басқа да сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў илажларын көрсин;
«Uzbekistan Esports Championship» республика чемпионаты, «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети кубогы» турнирлериниң таңлап алыў басқышлары өткерилиўин тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Спортты раўажландырыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги және киберспорт бойынша нәтийжели жумыс ислеп атырған спорт федерация (ассоциация)лары менен биргеликте еки ай мүддетте ҳәр бир аймақтың бир районын(қаласын) да киберспорттың кеминде еки түрин ғалаба ен жайдырыў бойынша «жол карталары»н тастыйықласын. Онда, 2023-жылдан баслап аймақларда төмендеги илажлар әмелге асырылатуғыны нәзерде тутылсын:
спорт ҳәм ғалабалық денетәрбиясы илажларының аймақлық календарь режелерине киберспорт түрлери бойынша жарысларды киргизиў және системалы түрде аймақлық спорт жарысларын өткериў, соның ишинде, ҳәр жылы бир мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы кубоги» ҳәм «Ҳәким кубоги» турнирлерин шөлкемлестириў;
киберспорт бойынша системалы түрде аймақлық спорт жарысларын өткериўге жергиликли бюджет қаржыларын, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықларын тартыў;
жарысларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орынға ийе болған командаларды ақшалай сыйлық, диплом, медаль, кубок ҳәм басқа да саўғалар менен сыйлықлаў;
киберспорт бойынша аймақлық спорт федерация (ассоциация)ларын дүзиўди қоллап-қуўатлаў, әмелдеги спорт федерация (ассоциация)лары аймақлық бөлимлериниң жумысын кеңейтиўге жәрдемлесиў.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) бир ай мүддетте киберспорт түрлерине болған унамлы жәмийетлик пикирди қәлиплестириў, ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыўға қаратылған мақалалар жәриялаў, тематикалық телекөрсетиўлер бериў бойынша медиа-реже қабыл етсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.Х.Шерматов және Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.З.Саъдуллаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 16-ноябрь