18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызамының қабыл етилген күни. Сәне мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ушырасыў кешеси болып өтти.
Мәмлекетлик гимнлер менен басланған салтанатлы илажға Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының қәнигелери, факультет деканларының орынбасарлары, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм белсенди студентлер қатнасты.
Ушырасыўды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.
Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен атап өтилгениндей, быйыл мәмлекетлик суверенитеттиң белгилеринен бири болған ғәрезсиз Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызамының қабыл етилгенине 31 жыл толмақта. Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашының 1991-жыл 18-ноябрьдеги гезектен тыс VII сессиясында тастыйықланған Мәмлекетлик байрағы Жер жүзинде ғәрезсиз Өзбекстан деген мәмлекеттиң бар екенлигин аңлатады ҳәм өзинде миллий-мәдений дәстүрлерди жәмлейди.
Байрақ өзинде пүткил Өзбекстан халқының әзелий тилек-умтылыслары, ерк-ықрары, халқымызға тән миймандослықты сәўлелендирген. Мәмлекетлик байрақтың мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлер, оқыў орынлары, Өзбекстан ағзасы болған халықаралық шөлкемлер, сырт еллердеги елшихана ҳәм турақлы ўәкилханалардың алдында желбиреп турыўы, ҳәр қыйлы байрам салтанатларында, мәмлекетимиз ўәкиллери қатнасып атырған халықаралық көлемдеги сиясий, мәдений-ағартыўшылық илажларда, абыройлы спорт жарысларында ўатанымыздың абырой-мәртебеси, халқымыздың мақтанышын айқын сәўлелендирип, кеўиллерди толқынландырады.
Мәмлекетлик белгилер бәрқулла муқаддес ҳәм уллы болып табылады. Өйткени, ол халықтың өтмиши, бүгини ҳәм келешегин өзинде жәмлеген ўатанның символы есапланады.
Илажда профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм студентлер де сөзге шығып, ушырасыў қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Автордың түсирген фотосүўретлери.