Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети студент-жасларының басламасы менен «Өзбекстан-миллетлер аралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик журты» атамасында илаж болып өтти.
Халықаралық кеңпейиллик ҳәптелиги мүнәсибети менен өткерилген илажда филиал директоры Әдилбай Есимбетов ҳәм басқалалар шығып сөйлеп, дүнья жүзи бойлап белгиленип киятырған Халықаралық кеңпейиллик күниниң әҳмийетине, бул халқымыздың әзелден киятырған ағла пазыйлетлеринен бири екенлигине, студент-жаслардың елимизде аўызбиршилик пенен жасап киятырған түрли миллет ўәкиллерине жаратылған шараятларды терең аңлап жетиўи зәрүрлигине айрықша тоқтап өтти.
Илаж даўамында жаслар өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен, рус ҳәм корейс миллети ўәкиллериниң үрп-әдетлерин өзинде сәўлелендирген ҳалда миллий кийимлер көргизбесин көрсетти. Усы миллетлердиң өзине тән үрп-әдет ҳәм дәстүрлери туўралы қызықлы мағлыўматлер берди.
Концерт бағдарламасында миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар шеберлик пенен атқарылды. Бир-биринен қәбилетли қызлардың шығыўлары тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырды ҳәм ҳақыйқый кеңпейиллик орталығын жаратты.
Бундай илажлар студент-жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўға, баслы байлығымыз болған халықлар дослығын үгит-нәсиятлаўға хызмет етиўи менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги