Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде «Миллий сувенирлер» фестивалы болып өтти.
Фестиваль шеңберинде керамика, темир, ағаш оймакерлиги, териге нағыс ҳәм сүўрет салыў, кестешилик, қурақ өнери шеберлериниң, өнерментлердиң көргизбе-ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-майдағы «Музейлерде хызметлер тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген музейлерде художниклер, артистлер ҳәм миллий фольклор ансамбльлери, өнерментлер менен ҳәр қыйлы саўда көргизбелерин, фестивальларды шөлкемлестириў ўазыйпаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.
– Көргизбеге керамикадан, ағаштан, таўардан өзимиздиң қолымыз бенен ислеген өнимлеримизди алып келдик, -дейди өнермент Ерсайид Ибадуллаев. – 2016-жылдан берли шаңарақ ағзаларым, шәкиртлерим менен бирге 20-30 түрдеги өним ислеп шығарып атырмыз. Оларды усындай көргизбелерге алып келемиз, сырт елли мийманларға сатамыз. Жаңа жылдан баслап музейлер менен де шәртнама дүзип, өнимлеримизди жеткерип бериўди баслаймыз. Халқымыз мийнетимизге жоқары баҳа бермекте.
-Биз илажға Нөкис «Мүриўбет» интернат үйиндеги ҳаял-қызларымыздың мийнетлерин көрсетиў ушын келдик, -дейди интернат үйиниң мийнет бойынша инструкторы Людмила Юсупова. -Олар бийкар отырмастан тигиўшилик, тоқымашылық пенен шуғылланады. Интернат үйинде 3 жыл алдын бес устахана ашылып, оларда қызлар пластикалық өнимлерди қайта ислеў, тоқымашылық, тигиўшилик, хореография ҳәм сүўрет салыў бағдарларында дөретиўшилик етеди. Келешекте ҳаял-қызларымыздың өнерлерин дүнья жүзи көлеминдеги көргизбелерде көрсетиў нийетимиз бар.
Фестиваль даўамында жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақ академиялық лицейи оқыўшылары, илаж қатнасыўшылары музейди тамашалады. Музейдеги тарийхый экспонатлар тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық оятты. Әсиресе, жаслар халқымыз пайдаланған әййемги буйымлар менен танысыў арқалы тарийхый дәреклер ҳаққында қызықлы мағлыўматлар алды.
– Бүгин фестиваль жоқары кейпиятта өткерилди. Досларым менен өнерментлердиң көргизбесин, музейди тамашалап руўхый азық алдық, -дейди Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақ академиялық лицейи оқыўшысы Шерзад Исаков. – Халқымыз әзелден шебер усталар, темирши ҳәм тигиўшилер болғанын көрип, мақтаныш сезимине бөлендим.
Фестиваль көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги