Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының басламасы менен республикалық китапхана тәрепинен өткерилген илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары П.Хожамуратованың «Саған өтирик, маған шын» ҳәм А.Турекееваның «Шүкиршиликте гәп көп» китаплары таныстырылды.
– Ҳәр бир жазыўшының жаңа китабы оған илҳам, йош ҳәм қуўаныш бағышлап, бахытқа бөлейди, -дейди филология илимлериниң докторы, профессор З.Бекбергенова. –П.Хожамуратованың жаңа китабынан орын алған «Ҳүждан суды» гүрриңинде жетим бала Жумабайдың басынан кеширгенлери сөз етиледи. Жазыўшының шығармаларының әҳмийетли тәрепи перзент тәрбиясындағы қәте-кемшиликлер, ишиўшиликтиң аянышлы ақыбетлери, айырым шаңарақлардың турмысы сыяқлы күнниң тийкарғы мәселелери ҳаққында кеңнен сөз етилген. П.Хожамуратованың дөретиўшилик жолын баслағанына 40 жылдан аслам ўақыт болған болса, А.Турекееваның журналистлик тараўға келгенине, гүрриң, повесть жазып, балалар әдебиятында қәлем тербетип атырғанына 30 жылдан асты.
Усы дәўирлер ишинде шаңарақтағы тәшўишлерге, бала тәрбиясына қарамастан халқымызға, жәмийетшиликке белгили журналист болыўға ерискен П.Хожамуратова ҳәм А.Турекеевалар бүгинги күнде жазыўшы сыпатында да танылып келмекте.
Олардың мийнетлери мүнәсип баҳаланып, П.Хожамуратова Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист ҳүрметли атағына ийе болды. Ал, А.Турекеева «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.
– Бүгинги ушырасыўдан үлкен тәсирлер алдым, -дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының баслаўыш тәлим бағдары студенти Г.Байниязова. – Қолым бос ўақытта, әлбетте, усы китапларды алып оқыйман, деген қарарға келдим. Себеби, бүгинги күнде ушырасатуғын машқалаларды, жасларға өрнек болатуғын ўақыяларды өз ишине алған гүрриңлер мениң итибарымды тартты. Өзим оқып қоймай, шаңарақ ағзаларым менен досларыма да бул китапларды оқыўды мәсләҳәт етемен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги