Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы орайлық көшелер арасында жайласқан майданда қалалық абаданластырыў департаменти тәрепинен нәл егиў жумыслары әмелге асырылмақта.

– Бул жердеги 2 гектарға шамалас жерде 30 адамнан аслам топарымыз бенен абаданластырыў бағдарындағы жумысларды ислеп атырмыз,-дейди департамент қәнигеси Ақполат Иниятов. – Бул жерге жәми 300 ге шамалас ҳәр қыйлы саяманлы, мийўели ҳәм путақ нәллерин отырғызамыз.

Ҳәзирги ўақытта нәл отырғызыў орынларын таярлап, таярланған жерлерге отырғызып атырмыз.




Бир-еки жылдан кейин бул жер сулыў, саяманлы тереклерге бай орынға  айланады, деп исенемиз.

Саяманлы, мийўели ҳәм путақ нәллерин отырғызыў арқалы, жасыл аймақлардың көбейиўине ерисиў, елимиздиң экологиялық жағдайын жақсылаў мақсетинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги «Әҳмийетли 40 күнлик» илажлары даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги