Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, Түркменсттаның бийтәкирар Дашогуз қаласында өтип атырған бүгинги дослық фестивалы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Түркменстан Президенти ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа ҳәм барлық шөлкемлестириўшилерге өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Әлбетте, өз-ара тарийхый-мәдений байланыслар өзбек ҳәм түркмен халықлары арасындағы көп әсирлик дослықтың беккем тырнақ тасы болып келмекте. Ҳақыйқый туўысқанлық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын және де күшейтиўге қаратылған бул әҳмийетли илаж болса миллет ҳәм халықларымыздың улыўмалық жақсы мақсетлери ҳәм арзыў-умтылыслары уқсас екенин және бир мәрте анық тастыйықлайды.

Кейинги жыллары барлық тийкарғы тараўларда мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылғанын атап өтиў зәрүр.

Усы жерде Түркменстан Президенти ҳүрметли Сердар Бердимуҳамедовтың быйыл июль айында Ташкентке әмелге асырған тарийхый сапары стратегиялық шериклигимизди және де тереңлестириўге үлкен күш ҳәм жеделлик бағышлағанын айрықша  атап өтпекшимен.

Сондай-ақ, көп қырлы қатнасықларымыздың жоқары исеним ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў руўхында раўажланып барыўында Уллы мәртбелеи Мырза Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти баслығы ҳүрметли Гурбангули Мяликулиевич Бердимуҳамедовтың де мисли көрилмеген үлеси бар екенлигин айтып өтиўди қәлер едим.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Туўысқан халықларымыз арасында мәдений-ағартыўшылық байланыслар күн сайын жеделлесип баратырғаны, ҳәр қыйлы концерт ҳәм фестивальлар, көргизбелер шөлкемлестирмекте, мәденият ҳәм кино күнлери өткерилмекте, елимизде түркмен миллий мәденият орайлары жумыс ислемекте.

Жақында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Илимлер академиясы тәрепинен таярланған 100 томнан ибарат «Түркий әдебият дүрданалары» атамасындағы шығармалар комплексиниң 10 томы түркмен әдебияты үлгилерине ажыратылды. Бул топламнан Озодий, Андалиб, Мақтумқулы, Мулланафас, Берди Кербабаев, Хидир Деряев, Атажан Тўғон сыяқлы онлаған белгили классикалық ҳәм заманагөй шайыр-жазыўшылардың сайланды шығармалары орын алғаны айрықша итибарлы.

Сондай-ақ, 2018-жылы Ташкент қаласының орайлық көшелеринен бирине түркмен халқының уллы перзенти, ойшыл шайыр, түркмен әдебиятының жарқын ғайраткери Мақтумқулының аты берилип, сулыў бағ қурылды, шайыр көриниси сәўлеленген барельеф орнатылды.

Хорезм ўәлаяты Үргенш районындағы «Түркменлер» мәҳәллесинде жайласқан әййемги «Уллы ҳәўли» естелик комплекси қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылды. Пайтахтымыз орайында қурылған «Ашхабад» парки мыңлаған ўатанласларымыз ҳәм пайтахтымыздың мийманларының сүйикли орнына айланып үлгерди.

Түркменстанда жасап атырған өзбеклер ушын айрықша итибар көрсетип келинбекте. Жақында бийтәкирар Ашхабад қаласында қурылған зәўлим «Ташкент» бағы болса өзбек ҳәм түркмен халықларының мәңги дослығының белгиси болып қалады.

Еки туўысқан ҳәм әзелий дос еллеримиздиң кеўиллерин бир-бирине тығыз байланыстыратуғын бундай мәденият байрамлары аўызбиршиликтеги ҳәрекетлеримиз бенен буннан кейин де избе-из даўам ететуғынына исенемен.

Фестивальдың барлық қатнасыўшыларына беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм ийгиликли жумысларында табыслар тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти