Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-ноябрь күни Сырт ел инвесторлар кеңесиниң биринши жалпы мәжилиси шеңберинде «Cengiz Enerji» компаниясы басқарма баслығы Мехмет Женгиз бенен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде Ташкент ҳәм Сырдәрья ўәлаятларындағы энергетика қуўатлықларын кеңейтиў бойынша әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыўда қатнасып атырған бул түрк компаниясының жумысын жоқары баҳалады.

Басланған жойбарларды тез ўақыт ишинде жуўмағына жеткериў ҳәм тийкарғы бағдарларда, соның ишинде, энергетика объектлерин модернизациялаў ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў зәрүр екени атап өтилди.

Мехмет Женгиз шын жүректен қабыллағаны ҳәм сырт ел инвесторларының нәтийжели жумысына жаратылып атырған шараятлар ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдирди. Мәмлекетимизде әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда буннан былай да қатнасыўға таяр екенлигин билдирди.

ӨзА