Өзбекстанда халықтың барлық қатламларына, әсиресе, узақтағы аўыл халқына жоқары сапалы медициналық хызмет көрсетиў бойынша алып барылып атырған реформалар бүгинги күнде мәмлекетимиз сиясатының баслы мақсетине айланды. Қабыл етилип атырған ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерде тараўдың барлық бағдарларын комплексли раўажландырыў бойынша системалы илажлар қамтып алынған.

Атап айтқанда, быйылғы жылдың май айында елимизде адам организми ҳәм тоқымалары трансплантациясы ҳаққындағы нызам қабыл етилди. Трансплантация әмелиятының жолға қойылыўы елимиз медицинасының ең үлкен жаңалықларынан бири болды.

Нөкистеги Республикалық көп тармақлы медицина орайында жақыннан баслап бүйрек көшириў әмелиятлары алып барыла баслады.

-Бүйреги ислемей қалған пуқаралар гемодиализ аппаратынан пайдаланып келетуғын еди. Бирақ бул наўқастың әдеттегидей турмыс кешириўинде қыйыншылықлар келтирип шығаратуғын еди, -дейди хирург Фарход Бобожонов. – Бүйрек көширип өткерилгенде болса, наўқасқа саламат адамлардай болып жасаў мүмкиншилиги қайтарылады.

Әҳмийетлиси, ҳәзир елимизде бундай операцияларды ислеўге толық мүмкиншиликлер жаратылды. Бүгинги күнге шекем республикамызда 14 бүйрек көшириў әмелиятлары исленип, 2 операция район көлеминде әмелге асырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, және бир жаңалық – Қараөзек районындағы академик Ч.Абдиров атындағы районлық медицина бирлеспесинде кем инвазив жол менен хирургиялық операцияларды өткериў жолға қойылды.

Буның ушын 2022-жылы республика бюджетинен улыўма баҳасы 1  миллиард 300 миллион сумлық Германия Республикасында ислеп шығарылған «ACKERMANN» лапароскоп аппараты алып келинген. Әҳмийетлиси, алдын наўқаслардың операциядан соң қалған орынларының питип кетиўине узақ ўақыт кететуғын болған болса, бул аппаратта исленген операциялардың орны тез арада саўалып кетеди. Районда бул түрде кем инвазив жол менен операциялар ислеў басланды ҳәм операциялар жақсы нәтийже бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги