Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-ноябрь күни «Көксарай» резиденциясында «Calik Holding» компаниясының басқарма басшысы Ахмет Чаликти қабыл етти.

Ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм өз-ара пайдалы қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстан ҳәм Түркияның жетекши кәрханалары арасындағы шерикликтиң бүгинги дәрежесин қанаатланыўшылық пенен атап өтти ҳәм экономиканың әҳмийетли тармақларындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтти.

«Calik Holding» басшысы шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, компанияның узақ мүддетли кең көлемли шериклик бағдарындағы умтылыслары исенимли екенин билдирди.

Түркияның бул холдинги менен биргеликте денсаўлықты сақлаў тараўында, химия ҳәм таў-кән санаатында кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўдың перспективалары бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында инвестициялық бирге ислесиўдиң жаңа бағдарламасын ислеп шығыўға ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.

ӨзА