Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар! Қәдирли мийманлар!
Бәринен бурын, Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши жалпы мәжилисиниң барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлайман.
Бүгинги әнжуманымызда дүньяның жетекши компаниялары ҳәм финанс институтларының басшылары болған сиз, қәдирли досларымыз ҳәм бирге ислесиўшилеримизди көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Үлкен социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе болған бул мәжилисти шөлкемлестириўде көрсеткен жәрдеми ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо ханымға өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Әзиз дослар!
Ҳәзирги күнде жәҳәнде аўыр глобаллық өзгерислер жүз бермекте. Дүнья жәмийетшилиги пандемиядан қутылыўға үлгермей, жаңадан қыйыншылық ҳәм сынақларға дус келмекте. Ҳәр қыйлы тартыс ҳәм қарама-қарсылықлар күн сайын күшейип бармақта. Шынында да, бундай аўыр ҳәм қыйын шараятта өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған тығыз бирге ислесиўдиң әҳмийети ҳәр тәреплеме артып бармақта.
Әне, сол себепли Сырт ел инвесторлары кеңесиниң бүгинги мәжилиси айрықша зәрүр әҳмийетке ийе, десек, дурыс болады деп ойлайман.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Сизлерге жақсы белгили, биз кейинги жыллары Өзбекстанда кең көлемли реформаларды әмелге асырып келмектемиз. Миллий экономиканың ашықлығын тәмийинлеў ҳәм оның жәҳән экономикасына интеграциясы ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўды реформалардың тийкарғы бағдары етип белгиледик. Усы мақсетте валюта базарын еркинлестирдик, жеке меншик инвесторларға энергетика, геологиялық-излеў, химия ҳәм нефть химиясы, медицина ҳәм билимлендириў сыяқлы тараўларда жумыс ислеў имканиятларын кеңейттик.
Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүрес мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы ўазыйпасына айланды. Бул бағдардағы жумысларды системалы муўапықластырып барыў ушын өз алдына агентлик шөлкемлестирилди.
Заманагөй экономика драйвери болған жеке меншик бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша революциялық қарарлар қабыл еттик. Бул тараўда еки жүзден артық лицензия ҳәм руқсатнамаларды бийкарладық. Салықлардың улыўма саны 13 тен 9 ға қысқарды, айырым салық ставкалары 2 есеге түсирилди. Келеси жылдан баслап қосымша қун салығының ставкасы 15 проценттен 12 процентке азайтылады.
Бул миллий экономикамыздың раўажланыўы ушын сырт ел инвестицияларының қаншелли зәрүр екенин жүдә жақсы түсинемиз. Соның ушын инвесторлардың ҳуқықый статусын анық белгилеў ҳәм олардың мәплерин қорғаў ушын инвестициялар ҳаққында өз алдына нызам қабыл еттик. Өзбекстан Республикасы Президенти жанында бизнес-омбудсман институты енгизилди.
Мине, усындай илажлар глобаллық көлемде турақсызлық ҳәм кризислер шараятында да миллий экономикамыздың өсиўин тәмийинлеўге жәрдем берди. Атап айтқанда, пандемия ҳәўиж алған дәўирде, сыртқы базарлардағы аўыр жағдайға қарамастан, экономикалық өсиўдиң унамлы динамикасын сақлап қалдық. Өткен жылы бул көрсеткиш 7 проценттен асты. Усы жылы да экономикамыз өсиўде даўам етпекте.
Пурсаттан пайдаланып, реформаларымызды қоллап-қуўатлап, биз бенен бирге ислесип киятырған барлық бизнес ўәкиллерине терең миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли инвесторлар!
Қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў бойынша әмелге асырған реформаларымыз нәтийжесинде кейинги 5 жылда экономикамызға кирип келген сырт ел инвестицияларының көлеми 10 есеге артып, дерлик 40 миллиард долларды қурады.
Биз 10 жыл ишинде жалпы ишки өнимниң көлемин ҳәзиргиден еки есеге арттырыўды мақсет еткенбиз. Оған ерисиў ушын бизде ерк-ықрарда, имканият та жетерли. Өз алдымызға қойған бундай жоқары шеклер ушын инвестициялар көлемин келеси 5 жылда 120 миллиард долларға жеткериў, соның ишинде, кеминде 70 миллиард доллар сырт ел инвестицияларын тартыўды есап-санақ еткенбиз. Бул инвестицияларды, бәринен бурын, санаат тараўларын модернизациялаў ҳәм трансформациялаў, өндирис, коммуналлық ҳәм транспорт инфраструктурасын жедел раўажландырыўға бағдарлаў ушын анық жойбарлар ҳәм бағдарламаларымыз бар. Сондай-ақ, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў сыяқлы мәмлекет қарамағындағы дәстүрий тараўларға да жеке меншик инвестициялар тартыў күн тәртибимизде турады.
Биз сырт ел инвесторларын өз-ара пайдалы жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм биргеликте әмелге асырыўға шақырамыз.
Сизлерди исендирип айтпқшыман, Жаңа Өзбекстанда инвесторлар өзин еркин сезиўи, ертеңги күнге үлкен исеним менен қарап, турақлы ислеўи ушын барлық имканиятларды жаратып беремиз. Әне, соның ушын бизге жақын дос, тилеклес болған ең исенимли инвесторлардың қатнасыўында жаңа Кеңести шөлкемлестирмектемиз. Сизлер менен узақ мүддетли, өз-ара пайдалы инвестициялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығатуғынымызға исенемен.
Қәдирли дослар!
Сизлерди исендирип айтпақшыман, биз елимизде ашық, жедел раўажланып атырған заманагөй мәмлекет қурыў мақсетинде басланған реформалар жолынан артқа қайтпаймыз. Сизлердиң ҳәр бириңизде анық ҳәм конструктивлик усыныслар бар екенине исенемен. Сизлердиң жәрдемиңиз бенен биз Кеңес шеңберинде раўажландырмақшы болған бир қатар тараўларға қысқаша тоқтап өтпекшимен.
Бириншиден, биз нызам үстинлигин Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бас принциплеринен бири етип белгиледик. Кейинги жыллары елимизде жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм мүлк ийелериниң ҳуқықларын қорғаў бойынша мисли көрилмеген илажлар турмысқа енгизилди.
Буннан былай пуқара ҳәм исбилерменлерге мүлк ҳуқықын сөзсиз тәмийинлеў ҳәм қорғаў ашық-айдын ҳәм әдил суд-ҳуқый системасы тәрепинен кепилленеди.
Биз күни кеше суд тараўына бағышланған мәжилисте бул бағдарда реформалардың гезектеги басқышындағы тийкарғы бағдарларды белгилеп алдық.
Өзбекстанда алдыңғы сырт ел әмелияты ҳәм тәжирийбесин енгизиў мақсетинде Сырт ел инвесторлары кеңеси жанында турақлы жумыс алып баратуғын Инесторлардың ҳуқықын қорғаў комитетин шөлкемлестириўди усыныс етемен.
Екиншиден, биз банк-қаржы тараўында реформаларды және де тереңлестириў нийетиндемиз.
Гәп усы тараўда саламат бәсеки орталығын жаратыў, сырт ел банклерин Өзбекстанға жедел тартыў, нәтийжели фонд базарын қәлиплестириў ҳаққында бармақта.
Бул залда банк тараўынла инвестиция киргизген сырт ел шериклеримизди көриў бизге үлкен қуўаныш бағышлайды.
Биз сырт ел инвесторларының банк-финанс тараўын және де жетилистириўге қаратылған усыныс ҳәм басламалары ушын ашықпыз.
Үшиншиден, экономикада мәмлекеттиң үлесин азайтыў ҳәм меншиклестириўди және де тереңлестириў тийкарғы мақсетлеримизден бири болып қалады.
Кейинги жыллары Өзбекстанда 1 мың 200 мәмлекетлик кәрханалар меншиклестирилди. Келеси жылдың өзинде және мыңға шамалас кәрхана ҳәм көшпес мүлк объектлерин меншиклестириўди режелестиргенбиз.
Соның менен бирге, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмин экономиканың барлық тармақларына жедел қолланбақтамыз.
Қысқа мүддетте бул бағдарда сезилерли нәтийжелерге еристик. Тек ғана энергетика тараўында Өзбекстан бул механизмлерден пайдаланған ҳалда 8 миллиард доллардан артық қаржыны тартты. Бул жойбарларға инвестиция тигип атырған бирге ислесиўшилеримизди де бүгин илажда көрип турғанымнан қуўанышлыман.
Кеңес ағзаларын меншиклестириў ҳәм мәмлекетлик-жеке-меншик шериклик бағдарламаларында белсене қатнасыўға мирәт етемиз.
Төртиншиден, Өзбекстанның бай тәбийғый ресурсларын өзлестириўде үлкен имканиятлар бар.
Хабарыңыз бар, мәмлекетимиз алтын резервлери бойынша дүньяда 2-орын, мыс бойынша 7-орын, вольфрам бойынша 8-орын, гүмис бойынша 9-орын, уран бойынша 12-орынды ийелейди.
Пайдалы қазылма кәнлерин өзлестириў тараўына ири инвестицияларды тартыў мақсетинде геологиялық мағлыўматларды ашық жәрияладық. Оннан артық түрдеги стратегиялық пайдалы қазылмаларды өзлестириў ушын салық ставкаларын төменлеттик, жер салығын бийкарладық, арнаўлы техникаларды бажыхана төлемлеринен азат еттик.
Биз шийки затты терең қайта ислеў бойынша анық жойбарларды таярладық. Бир мысал, Өзбекстанда жылына 150 мың тонна мыс қазып алынады ҳәм оның тек ғана 70 тоннасы қайта исленеди. Жақын жылларда мыс ислеп шығарыў көлемин 500 мың тоннаға жеткеремиз.
Усы мүнәсибет пенен мыс кластерин қурыўға киристик. Оның аймағында мыс фольгасы, электродвигательлер, қуяш панеллери, кабель-өткизгиш өнимлери ҳәм басқа да жоқары қосымша қунлы товарларды ислеп шығарыў бойынша жойбарларды әмелге асыра басладық.
Буннан тысқары, электромобильлерди ислеп шығарыў тармағына тийкар салыў нийетиндемиз.
Сиз, ҳүрметли инвесторларды бул бағдарларда әмелий бирге ислесиўге шақырамыз.
Бесиншиден, Өзбекстанда санластырыў тараўына инвестицияларды тартыўға да айрықша итибар қаратылмақта.
Биз «Санлы Өзбекстан-2030» стратегиясын қабыл еттик. Бул ҳүжжетте барлық әҳмийетли тараўларды санластырыў нәзерде тутылған.
Биз мәмлекетимиз аймақларында IT-парклерди шөлкемлестирмектемиз. Бундай парклер резидентлери барлық салықлардан ҳәм жыйымлардан азат етилген. Сырт ел инвесторлары ҳәм технологияларының белсене қатнасыўысыз бул тараўды раўажландырыў мүмкин емеслигин жақсы түсинемиз. Сол себепли Кеңес ағзалары менен усы бағдарда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда нәтийжели бирге ислесиўге үмит етемиз.
Алтыншыдан, Өзбекстан «жасыл экономика»ны раўажландырыў процесинде белсене қатнаспақта.
Қабыл етилген Стратегиямызға муўапық, 2026-жылға барып альтернатив дәреклерден алынатуғын энергияның улыўма генерациядағы үлесин 25 процентке жеткеремиз. Соның менен бирге, илимий-техникалық потенциалды раўажландырыў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклери тараўында қәнигелер таярлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыўды мөлшерлемектемиз.
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм Жәҳән банки менен бирге 2050-жылға шекем миллий экономиканы декарбонизациялаў стратегиясын ислеп шығыўға киристик.
«Жасыл» жойбарларға сырт ел инвестицияларын тартыўды даўам еттириўден мәпдармыз ҳәм оларда Кеңес ағзаларының қатнасын қоллап-қуўатлаўға таярмыз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Тилекке қарсы, ажыратылған ўақыт бирге ислесиўдиң барлық перспективалы бағдарларын толық додалаў имканиятын бермейди. Соның ушын сырт ел инвесторлары менен ислесиўди төмендеги тәртипте шөлкемлестириў зәрүр, деп есаплайман.
Атап өтилген ҳәр бир тийкарғы бағдарды әмелге асырыў ушын Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанында Инвестицияларды қоллап-қуўатлаў жумысшы топары шөлкемлестириледи. Бул жумысшы топар Сырт ел инвесторлары кеңеси жанында жумыс алып барады және сырт ел инвесторларын комплексли ҳәм системалы түрде қоллап-қуўатлаў менен шуғылланады. Атап айтқанда, инвесторды аэропортта күтип алыўдан баслап, бизнес ушын зәрүр руқсатнама ҳәм лицензиялар бериўге шекемги барлық хызметлерди «бир айна» принципи тийкарында көрсетеди.
Жаңа жумысшы топардың жумысын инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары Лазиз Қудратов муўапықластырып барады.
Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Ходжаев, Ж.Қўчқоров, Ж.Мирзамахмудов өзиниң бағдарлары бойынша келип түсетуғын мүрәжатларды унамлы шешиўди тәмийинлейди.
Жумысшы топар Кеңес секретариаты менен, сырт ел инвесторларының усыныслары тийкарында, анық жойбарлар, оларды әмелге асырыў ушын нызамшылықты жетилистириў, мүддетлер ҳәм жуўапкер орынлаўшылар белгиленген «жол картасы»н ислеп шығыўы керек.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Биринши гезекте, билдирген баҳалы идея ҳәм усынысларыңыз ушын ҳәммеңизге өзимниң терең миннетдаршылығымды билдирмекшимен.
Өзбекстан менен конструктивлик ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы итибарыңыз ҳәм исенимли нийетлериңизди жоқары қәдирлеймен.
Тәкирарлап айтаман: Өзбекстанда бизнесиңиз табыслы болыўы, мәмлекетимизде өзиңизди исенимли, еркин ҳәм қолайлы сезиниўиңиз ушын барлық илажларды көремиз.
Сизлер берген усыныслар өз алдына «жол картлалары»на киргизиледи.
Одиль Рено-Бассо ханымға Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Өзбекстандағы барлық реформалар менен өзгерислерди турақлы қоллап-қуўатлап киятырғаны, сондай-ақ, бағдарлама ҳәм басламаларды нәтийжели әмелге асырып атырғаны ушын Одиль Рено-Бассо ханымға және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.
Ҳәммеңизге саў-саламатлық, ийгиликли жумысыңызға үлкен жетискенликлер тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.