Китапханалар илим-билим дәргайы, информация орны есапланады. Оларда ең көпшиликке арналған ҳәм ең жақсы дөретпелер сақланады.

Дүньядағы ең көп нусқада тарқатылған китап  Инжил есапланады. Кейинги орынды болса  Муқаддес Қураны Кәрим ийелейди.

10. Наполеон Хилл, “Ойла ҳәм бай бол” (1937) — 75 млн нусқада шығарылған. Бул китап автордың 20 жыл даўамындағы мийнети болып табылады. Журналист Хилл 1917 – жылда жетекши исбилерменлердиң әўмет формулаларын жарытыў бойынша буйыртпа алады ҳәм  узақ жыллар даўамында 500 ден аслам бай адамлар менен сәўбетлеседи. Соннан кейин олардың ең жақсы пикирлерин жыйнап, жуўмақластырып “Ойла ҳәм бай бол” шығармасын жазады. Бул китап тез арада табысқа ериседи. Кейинирек автор “Әўмет нызамлары”, “Байлық гилти” сыяқлы дөретпелерин де китапқумарларға усынады.

9. Ден Браун “Да Винчи сыры” (2003) — 85 млн нусқа. Тарийхтың сырларын ашыўға урынған бул китаптың өзи де, сол тийкарда исленген фильм де үлкен табысқа еристи. Кейинирек автор “Периштелер ҳәм шайтанлар” шығармасын да жазады.

8. Сао Сюетсин “Қызыл терезедеги уйқы” (басланыўы 1791 ж.) 100 млн нусха. Бул тек ғана китап емес, үлкен дәўирди қамтып алған топлам болып табылады. Дәслепки бөлимлери Сао Сюетсин тәрепинен жазылған ҳәм есап – санақларға бола 100 млн нусқада баспадан шығарылған. Бул дөретпе Қытайдың ең уллы төрт романынан бири есапланады. Соның менен бирге, китапта 40 тан аслам бас қаҳарман, 500 ден зият екинши дәрежели қаҳарманлар болып, олардың ҳәр бири дөретпе композициясында айрықша орын тутады.

7. Агата Кристи, “10 негр баласы” (1939 ) — 100 млн нусқа. Бул китап дүньяның көплеген мәмлекетлеринде “Ҳәмме набыт болды” деген атамада басып шығарылған. Детектив жанрдың ең жақсы шығармасы дәрежесине көтерилген бул шығарма тийкарында көплеген фильмлер дөретилген.

6. Жоан Роулдиң  “Гарри Поттер ҳәм ҳикметлер тасы” (1997) — 107 млн нусха.  Жоан Роулдиң бул шығармасы инсаният, әсиресе балалар виртуал дүньяға қызығыўға  кирискен бир ўақытта дүнья жүзин көрди ҳәм көпшиликти китапларға қайтара алды. “Гарри Поттер”ди  көплеген баспалар басып шығарыўды қәлемеген. Бирақ бәрибир әўмет Роулинге күлип бағады, атап айтқанда “Гарри Поттер” оны биринши жазыўшы -миллиардерге айландырды. Соң Поттердиң  ҳәдийселери ҳаққында да дөретпелер дағаза етилди ҳәм фильмлер түсирилди.

5. Маргарет Митчелл “Самалларда қалған сезимлерим” (1936 ) — 130 млн нусқа. Маргарет Митчелл өзиниң атақлы ҳәм бирден-бир шығармасын кәсибинен ўаз кешип, үй бийкесине айналған ўақтында жазған. Дөретпе сол дәрежеде атақлы болып кетти, Маргарет өмириниң қалған 12 жылын тек сол китап пенен байланыслы жумысларға – кино, театрластырыў ҳәм басқа тиллерге аўдарыў сыяқлы жумысларға сарыплады. Ең қызығы үлкен ақша усынғанларына қарамай ол басқа дөретпе жазбады.

4. Жан Роналд Руел Толкиен. “Хоббит” (1937) — 130 млн нусқа. Тийкарынан бул дөретпе “Жүзиклер ҳүкимдары”ның бир бөлеги ретинде жазылыўы керек еди. Бирақ узақты көре билген ҳәм үлкен пайданы гөзлеген баспалар авторды бөлек китап етиўге көндиреди ҳәм қәтелеспейди. Себеби “Жүзиклер ҳүкимдары” сияқлы болмасада, күтә үлкен нусқада сатылады. Бул дөретпе тийкарында да әжайып фильмлер түсирилген.

3. Антуан де Сент-Экзюпери. “Кишкене шаҳзада” (1943) — 140 млн нусха. Тийкары ушыўшы болған Антуан де Сент-Экзюпери тек ғана 44 жыл өмир сүрген болсада, тарийхқа өз атын үлкен ҳәриплер менен жазып кете алды. Ол басқа бир неше дөретпелер де жазған, бирақ оның омири бир жыл қалғанында баспадан шығарылған “Кишкене шаҳзада” жазыўшыға дүнья жүзилик абырай  берди. Тек ғана балалар емес, үлкен жастағылар тәрепинен де жақсы көрип оқылатуғын бул дөретпе дүньяның дерлик барлық тиллерине аўдарылған.

2. Жан Роналд Руел Толкиен. “Жүзиклер ҳүкимдары” (1954) — 150 млн нусха. Көбимиз бул дөретпе тийкарында исленген фильмлерди көремиз. Автор бул китабы үстинде 1937 – жылдан 1949- жылға шекем ислейди. Бирақ сонда да китап тезлик пенен басып шығарылмайды. Дөретпе үшке бөлинеди ҳәм трилогияга айландырылады. Бул экономикалық жақтан жүдә әўметли болады ҳәм баспаханаларға көп пайда, жазыўшыға үлкен атақ келтиреди.

1. Чарлз Диккенс. “Еки қала ҳаққында қысса” (1859 ). 200 млн нусха. “Еки қала ҳаққында қысса” романында Чарлз Диккенс өз дәўириниң жәмийетлик-сиясий мәселелерин шеберлик пенен сәўлелендиреди. Автор инглиз жәмийетиндеги наҳақлықларды, класслық қарама-қарсылықларды, француз революциясының ақыбетлерин қәлемге алар екен, әдебият тарийхында дәслепки рет революцияшылардың сол күнге шекем мәмлекетти басқарган ақсүйеклерге  салыстырғанда аяўсыз  болатуғынын суўретлейди. Сол себепли батыста үлкен  абырайға ийе болыўына қарамастан, шама менен 200 млн нусхада баспадан шығарылған бул дөретпе көпшилик мәмлекетлерде оқыўшылар қолына жетип бармаған.

 

 

Фарида Муслатдинова,

КМУ дың интернет журналистика тәлим бағдары студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги