Организмниң 55—65 %и (май дәрежесиннен келип шыққан ҳалда ) жүрек, мий ҳәм булшық етлер суўдан ибарат екенлиги  себепли, шыпакерлер күн даўамында 8 стаканға шекем суйықлық ишиў кереклигин айтады.

  1. Энергия береди

Шаршағанда  ҳәм аўырыў сезилгенде организм суўсызланған болады. Бир стакан муздай суў сизди тәндар қылады ҳәм  уйқы кетиўине жәрдем береди. Швейцарияда өткерилген тәжирийбелерден биринде, суў ишпеген волонтёрлар, басқа кәсиплеслеринен  қарағанда өзин еки мәрте шаршаған  ҳәм кеўилсиз болған. Соның менен бирге, когнитив тестлерди де еки есеге төмен шешкен

  1. Терини тазалайды

Тери саламатлығы ушын турақлы түрде суў ишиў зәрур . Суў қанша көп болса, дақ ҳәм  жыйрықлар да сонша аз болады.

  1. Шынығыўлар жақсы нәтийже береди

Аңсат ҳәм қыйын шынығыўларды орынлаў даўамында суў ишиў  адамды энергия менен тәмийинлейди. Сондай-ақ,  ыссы күнде шынығыў ислегенде әдеттегиден  еки мәрте көп суйықлық жоғалтады. Организмдеги суў балансы нормада болыўы ушын спорт менен шуғылланыў ҳәм онан кейин суў ишиў  керек.

4.Аздырады

Азыўды қәлеўшилерге мазалы ҳәм газли ишимликлердың орнына суў ишиў усыныс етиледи. Аўқаттан алдын суў ишиў иштейди тарқатады ҳәм аз  аўқатланыўға жәрдем береди. Бул өткерилген изертлеўлерде де анықланған. Артықша салмақтан қыйналған адамлар ҳәр мезгилде аўқаттан алдын еки стаканнан суў ишиў усыныс етиледи.

  1. Кеселликлердиң азайыўына үлес қосады

Үзликсиз түрде суў ишиў булшық ет ҳәм сүйеклердеги  аўырыўларды азайтады. Суў тек ғана буўынларды жумсартып қоймастан, арқа мий ҳәм бас мий клеткаларын да қорғайды.

  1. Шыпалы

Шыпакерлер дене температурасы көтерилгенде, диарея ҳәм кеўил айныўында көп  суў ишиўди усыныс етеди. Бул бийкарға емес, суў адам өзин жақсы сезиўине үлес қосады. Бас аўырыўының  бир  неше түринен қутылыўға жәрдем береди.

  1. Аўыр кеселликлер қәўпин азайтады

Илимпазлар суў ишиў менен  қалың ишеклер раги  арасында  байланыслылық бар екенин анықлаған. Соның менен бирге, суў ишиў  жүректың ислеўи  ушын да пайдалы.

  1. Организмниң турмыс ушын зәрүрли болған фунциялары ушын

Суў —  ас сиңириў процеси ушын зәрүрли есапланади, гормонларды, дене температурасын қадағалайды, денени кислород пенен тәмийинлеп, клеткалардың саламатлығын қоллап -қуўатлайды. Буннан тысқары,  тер ажыралыўы  арқалы организмнен артықша затлар шығып кетиўине жәрдем береди.

 

Фарида Муслатдинова,

КМУ дың интернет журналистика тәлим бағдары студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги