The Verge басылымының  берген мағлыўматына  бола  Amazon компаниясы тийкарын салыўшысы  хәм директори Жефф Безос байлығының тийкарғы бөлегин өмири даўамында қайырқомлық илажларға  жумсағанын мәлим етти.

Планетамиздың төртинши ең бай инсаны (Жефф Безостың байлығы — 124 млрд доллар ) климат өзгерислерине қарсы гүреспекши хәм  инсаниятты бирлестириўге хәрекет етип атырғанларды қоллап-куўатламақшы.

Итибарлы тәрепи сонда  , Безос байлығының үлкен бөлегинен ўаз кешип, қайырқомлық илажларға берип атырғанлығын биринши мәрте жариялап атыр .

Сондай-ақ  белгили  Microsoftтың тийкарын салыўшысы  Билл Гейтс «Дерлик пүткил байлығы»н (бүгинги күнде 114 млрд доллар шамасында ) дүняьдағы ең ири қайырқомлық шөлкеми — Билл ҳәм Мелинда Гейтслер фонды есабына өткериўин режелестирип  атырғанлығын мәлим еткен еди .

 

Хамре  Қдырбаева ,

ҚМУдың Интернет  журналистикасы тәлим  бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги