Дүньядағы ең атақлы адам ким? Сиз бул мәселе бойынша көпшилик бәсекилескен алыпибарған болыўыңыз мүмкин. Айырымлары дүньяға аты кеңнен таралған шахс, сиясатшы десе, және бири белгили көркем өнер тараўындағы журген шахсты атап көрсетиўи мүмкин. Бирақ, бизиң санлы дәўиримизде дерлик көпшилик социаллық тармақлардан пайдаланады.
Бүгинги күнде планетамыздың барлық аймағында қолланылатуғын , facebook, twitter ҳәм instagram социаллық тармақталарында ең көп жазылыўшыға ийе болған шахсларды ким екенлиги ҳаққында әлбетте билгиңиз келетуғын шығар .
2022-жылдың топ-10 социаллық тармақ жазылыўшылары саны бойынша кимде көп екенлиги ҳаққында мағлыўмат беремиз.
1-Криштиану Роналду
Жәми : 636. 1 миллион
Instagram: 392 миллион
Facebook: 150 миллион
Twitter: 96. 7 миллион
Криштиану Роналду дүняьдағы ең көп жазылыўшыларға ийе. Ол белгили футбол ўәкиллеринен бири, ол үлгиси менен шырайлы ҳәм әпиўайы адам ҳам болып табылады. Ықласбентлери оның өмирине , күнделикли турмысына қызығады . Роналдоның -социаллық тармақлары оның турмысындағы рәсмий ҳәм әпиўайы хабарлар ҳәм кунделикли турде не менен бәнт болатынын жариялар барады. Буннан тысқары шаңарақ ағзаларының фото сүўретлеринде өз жеке бетине жуклеп барады.
2-Селена Гомес
Жәми : 442 миллион
Instagram: 290 миллион
Facebook: 87 миллион
Twitter: 65 миллион
Селена Гомести жүз миллионлаған адамлар 20 жылдан берли биледи. Кишкене ўақтынан баслап-ақ жулдыз дәрежесине ийе болды. Селена социаллық тармақларда тәртипсиз турған бөлме фотосүўретлерин жүклеўден баслап , өзиниң жеке машқалалары ҳаққында да биймәлел айтып жазылыўшылары жеткереди
3-Джастин Бибер
Жәми : 422. 2 миллион
Instagram: 217 миллион
Facebook: 91 миллион
Twitter: 114. 2 миллион
Жас өспирим дәўиринде таныла баслаған қосықшылардан бири. Бибердиң дүняьға белгили болыўында социаллық тармақлардың орны бар. Қосықшының инстаграм бети жулдызлар, спортшылар хәттеки миллионерлер менен бирге түскен фотосүўретлерин жүклеў менен бир қатарда болған ҳәр қандай ўақыяға өз пикирин билдирип барады.
4-Ариана Гранде
Жәми : 418. 3 миллион
Instagram: 290 миллион
Facebook: 43 миллион
Twitter: 85. 3 миллион
Ариана жазылыўшыларына Батыста әдалат, теңлик ҳәм басқада керекли және зәрүрли затлар ҳаққында жазып барады. Дөретиўшилик жойбарлары, өмириндеги жаңалықлары, әрманлар ҳәм табыслар – булардың барлығын ҳәр қандай социаллық тармағында хабарлап барады .
5-Лионель Месси
Жәми : 407 миллион
Instagram: 301 миллион
Facebook: 106 миллион
Twitter— пайдаланбайды
Месси тек еки социаллық тармақтан пайдаланады лекин соған қарамастан оның жазылыўшылар саны жоқары. Месси instagram ҳәм Facebook арқалы шаңарағы , футбол майданындағы табыслар ҳаққында жазылыўшыларына хабар береди.
6 -Кайли Дженнер
Жәми : 374, 5 миллион
Instagram: 302 миллион
Facebook: 33 миллион
Twiter: 39. 5 миллион
Дүняьға ең белгили адамлардың дизими ҳәм Кардашьян-Дженнер шаңарағы ўәкиллери бар. Оған Instagram бетине реклама ушын миллионлап доллар ҳәм косметика бизнеси ушын да пайда келтиреди.
7-Дуэин Джонсон
Жәми : 365. 6 миллион
Instagram: 290 миллион
Facebook: 60 миллион
Twiter: 15. 6 миллион
Дүняьдағы ең белгили адамлардың бири . Дуэйн алдын гүрес тараўында спортшы болған. Кейин Голливуд продюсерлери одан келешекте кино жулдызы шығатуғынын айтып бир қанша филмьлерде рол ойнаўға мирәт еткен.
8-Ким Кардашьян
Жәми : 382 миллион
Intagram: 279 миллион
Facebook: 33 миллион
Twitter: 70 миллион
Ол қосықшы , актриса, дизайнер соның менен бир қатарда фотомодель . Жеке бетинде жазылыўшыларына күнделикли ўақыялары менен биргеликте дөретиўшиликтеги жаңалықларында жүклеп барады.
9 – Тэйлор Свифт
Жәми : 364 миллион
Instagram: 197 миллион
Facebook: 77 миллион
Twitter: 90 миллион
Көрип турғанимиздай, социаллық тармақларда ең белгили адам -бул футболшы ямаса мәденият ўәкили. Тэйлор Свифт поп бағдарындағы қосықшысы ҳәм актриса. Ол социаллық тармақларына дөретиўшилик ислери, кунделикли турмысы сондай-ақ, өзгеше стильдеги фотосүўретлерин жуклеп барады.
10 -Рианна
Жәми : 324 миллион
Instagram: 117 миллион
Facebook: 103 миллион
Twitter: 104 миллион
2022-жылдың ең белгили тиктокшыларының бири. Көплеген қыйыншылықларды басынан өткерген, күшли ҳаял . Рианна қосықшы ретинде қосықшылықтан тысқары қайырқомлық жумыслары менен де шуғылланады, буннан тысқары жеке косметика бизнеси Fenty Beauty – 3 миллиард долларға баҳаланбақта .
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги