«Sanoat Energetika Guruhi» ҳәм Россияның «Лукойл» компаниясы газ газып шығарыў ҳәм оны ишки базарға бағдарлаў бойынша шәртнамаларда көрсетилген миннетлемелерин толық орынламақта. Соның ушын оларды газ жетиспеўшилигине айыпкер сыпатында көрсете алмаймыз»,-деп атап өтти энергетика министриниң орынбасары Шерзод Хўжаев.
Хўжаевтың қосымша етиўинше, тез күнде шеклеўлер мәселеси 80 процентке шешиледи:
«Оның ушын тәбийғый газ ҳәм электр энергиясының экспорты тоқтатылды. Сыртқы импорт 20 процентке арттырылды. Ҳәзирги күндеги үзилислер 8-10 саатлап токты өшириўге себеп бола алмайды.
Қайсы аймақларда электр энергиясындағы үзилислер ярым ямаса бир сааттан асып кетип атырған болса, оның себеплерин үйренемиз. Егер онда инсан факторы бар болса, жуўапкерлерге илаж көриледи»,-деп атап өтти министрдиң орынбасары.
«Өзбекнефтьгаз» басқармасы баслығы Меҳриддин Абдуллаев журналистлердиң сораўларына жуўап берип, GTL компаниясындағы өндирис 50 процентке азайтылып, қалған газ халыққа берилиўи режелестирилип атырғанын мәлим етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги