Жақында Қанлыкөл районлық мәмлекетлик архиви жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы «Өзархив» агентлигиниң директоры У.Юсупов, район ҳәкими А.Ибрагимов сөзге шығып, архив ҳүжжетлери халқымыз тарийхының тийкары екенлигин, онда миллий, сиясий, экономикалық, мәдений, руўхый тарийхымыз жәмленгенин атап өтти. Илажда бул мийрасларды көз қарашығындай сақлап, келешек әўладқа пүтин ҳалында жеткериў мақсетинде ҳүкиметимиз тәрепинен мәмлекетлик архивлердиң жағдайын жақсылаўға, ҳүжжетлер сақланатуғын орынлардың заман талапларына сай зәрүрли техникалар менен тәмийинлеўине айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
Қатнасыўшылар жаңа имараттың ишки жағдайлары менен танысты.
Жаңа имаратта архив ҳүжжетлерин жыйнаў, есапқа алыў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша архив хызметкерлери ушын барлық шараятлар жаратылған. Сондай-ақ, онда ҳүжжетлердиң электрон базасы жаратылған болып, бул хызмет архив исинен пайдалыныўшылар ушын қолайлы ҳәм исенимли хызмет көрсетиўге, олардың ўақтын үнемлеўге хызмет етеди.
Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети берген мағлыўматларға қарағанда, район архивинде бүгинги күнде 212 ҳүжжетлер фонды жәмленген болып, оларда 21 мыңнан аслам ҳүжжетлер сақланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги