Орынларда республикамыз халқының турмыслық жағдайын жақсылаў, турақлы ҳәм қосымша дәрамат дәрегин жаратыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде «Бир мәҳәлле – бир өним» принципи тийкарында анық мәнзилли илажлар әмелге асырылмақта.

ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен райондағы Жайҳун мәҳәллесиндеги ҳаял-қызлардың қатнасыўында «Бир мәҳәлле – бир өним» принципи тийкарында мәҳәллелерди анық бир егин түрине қәнигелестириў, тәжирийбели фермер ҳәм исбилермен ҳаял-қызлардың тәжирийбелерин ғалаба ен  жайдырыў мақсетинде «Қыйтақ жер – дәрамат дәреги» атамасында мастер-класс өткерилди.

Илажда район ҳәкиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Г.Бекбергенова, партияның районлық Кеңеси аппарат баслығы З.Сапарова ҳәм исбилермен Х.Хайтовлар ҳаял-қызларға қыйтақ жерден өнимли пайдаланыў, киши ыссыханалар шөлкемлестириў ҳәм жақсы дәраматқа ийе болыў бойынша түсиниклер берди.

– Ыссыханамыз 2017-жылы шөлкемлестирилди,-дейди Х.Хайтов. – Ыссыханада тийкарынан қыяр жетистиремиз.

Онда 25 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Өнимлеримиз қоңсы Қазақстан Республикасына экспортқа шығарылмақта.

Қыяр жетистириў жыл даўамында әмелге асырылып келинбекте. Қыяр гүллегеннен кейин 15-16 суткада, оғада қолайлы шараятларда болса ертерек, яғный 12-14 суткада мийўелеп, өним бере баслайды.

Тақыятаслы исбилерменниң алдағы режелери де исбилерменлик бағдарында екен. Ол «Балалар диагностикасы орайы»н ҳәм «Миллий тағамлар» улыўма аўқатланыў орнын шөлкемлестириўди, солай етип және 30 дан аслам жумыссыз ҳаял-қызларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеўди режелестирген.

Илаж даўамында исбилермен ҳаял-қызларға ыссыханада қыяр жетистириўдиң пайдасы, дәраматы ҳәм оны егиў, тәрбиялаў сырлары, оған кететуғын қәрежетлер, қыярды тәрбиялаўдағы азықландырыўдың тәртип-қағыйдалары, топырақ ҳәм ҳаўаның дәрежесин сақлаў сыяқлы тәжирийбелери туўралы мағлыўматларды атап өтип, баҳалы мәсләҳәтлер берди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.