Мәмлекетимиз басшысы Астана қаласында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы мәжилисте қатнасып, шығып сөйледи. Регионымыз еллери ҳәм ЕА арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша әҳмийетли усыныслар менен басламаларды алға қойды.

Саммит шеңберинде Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен ушырасыў да өткерилди.

Астана халықаралық аэропортында Президентимизди Қазақстан Бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министри Мухтар Тлеуберди шығарып салды.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.

ӨзА