Самарқандта өтип атырған ҒМДАға ағза мәмлекетлер Парламентлераралық Ассамблеясының (ҒМДА ПА) гүзги сессиясында РФ Федерал Мажлиси Федерация Кеңесиниң баслығы В.Матвиенко Олий Мажлис Сенаты баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоевты ҳүрметли белги менен сыйлықлады.

«Федерация Кеңесиниң басшысы Валентина Ивановна Матвиенконың қарарына бола, комиссиямыздың жәрдемши басшысы, Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Салихович Сафоев Федерация Кеңесиниң жоқары сыйлығы – «Парламентаризм тараўындағы хызметлери ушын» ҳүрмет белгиси менен сыйлықланды»,-деди Федерация Кеңеси комитети басшысының илим, билимлендириў ҳәм мәденият бойынша биринши орынбасары Илёс Умаханов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги