Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Самарқанд қаласында өткерилип атырған ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының гүзги сессиясында қатнасыў ушын елимизге келген Әзербайжан Республикасы Миллий Мажлиси Баслығы Сахиба Гафарова менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында усы жылы Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң Өзбекстанға сапары ўақтында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлер, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы менен Әзербайжан Республикасы арасындағы стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққындағы декларацияға қол қойылыўы мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышқа алып шыққаны айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги