Кеше Хожели районы “Абат” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Мәмлекетлик салық инспекциясы районлық бөлимниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Имараттың ашылыў салтанатында район ҳәкими Ж.Ермашев, Қарақалпақстан Республикасы  Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы Х.Бекчанов, Миллий Гвардияның Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы Б.Юсупов ҳәм бир қатар нураныйлар шығып сөйлеп,  имараттың жаңа заманагөй имканиятлары менен қолайлықларына айрықша тоқтап өтти ҳәм тараўға қаратылып атырған итибарды жоқары баҳалады.

 

Бул жаңа имараттың қурылысы ушын Өзбекстан Республикасы Салық комитетиниң салық уйымларын раўажландырыў қоры есабынан 5 млрд. 628,0 млн.сўм қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, салық инспекциясы имаратында пуқараларға сапалы хызмет етиўде тараўды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў ушын қуяш панели орнатылып, жумыслардың нәтийжелилигин арттырмақта.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.