Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны усы райондағы халық көп жасайтуғын ең үлкен елат болып табылады.

Бүгинги күни 5600 ге шамалас халық жасап атырған бул жыйын аймағында соңғы жыллары көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Жыйын аймағында ҳәзирги ўақытта бир емлеўхана, көп тармақлы поликлиника 38 саўда хызметин көрсетиў орны, 8 асхана, 1 автосервис ҳәм жеке меншик клиникалар халыққа хызмет көрсетип келмекте.

Аймақта жайласқан үш мектеп ҳәм үш балалар бақшаларында елат балалары заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.

-Быйыл бәҳәрде жыйын аймағынан 4 қабатлы 24 квартиралы турақ жай қурылып, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды,-дейди жыйын баслығы Рустем Хожаметов.-Ал, 5 қабатлы 20 квартирадан ибарат еки турақ жай болса, жақын күнлер ишинде өз ийелерине тапсырылыў алдында тур. Өткен бир-еки жыл ишинде аймағымыздағы 47 көшениң 43 сине шағыл тас төселип, орайлық көшелери асфальтланды.

Сондай-ақ, усы жылдың өзинде жыйын орайындағы 16 квартиралы көп қабатлы турақ жайлардың канализациясы ашық бюджеттен жеңип алынған 650 млн сумлық қаржы есабынан жаңадан исленди. Әмир Темур көшесиниң 550 метр аралығы жаңадан асфальтланды.

– Өзим жеке исбилермен сыпатында бир неше жылдан берли саўда-сатық пенен шуғылланып келемен,-дейди бизге аймақ турғыны Наргиза Барыбаева.- Быйыл Халық банктен алған 33 млн сум жеңиллетилген кредит есабынан музқаймақ ислеп шығаратуғын заманагөй үскенени сатып алып, иске түсирдим. Сондай-ақ, Бердақ гүзары көшесинен халыққа хызмет көрсетиў орнын ашыў ушын жер орын алып, жаңа дүкән аштым. Буның нәтийжесинде саўда айланысым кеңейип, табысым көбеймекте.

Исбилерменлерге жаратып атырған усындай кең қолайлықлар ушын ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, жыйын аймағында қурылыс ҳәм абаданластырыў ислеринен тысқары жалғыз баслы, бағыўшысын жоғалтқан, көп балалы кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық ҳәм руўхый жақтан жәрдем көрсетиў бойынша да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Буны төмендеги көрсеткишлер де айқын тастыйықлайды.

Ҳаял-қызлар дәптеринде турыўшы Турсынай Таласбаеваға 1 ханалы жайдың дәслепки төлеми төлеп берилген болса, 11 ҳаял-қызға 1млн 200 мың сумнан бир мәртелик жәрдем пуллары, төртеўине жеңиллетилген кредитлер, алтаўына тигиў машиналарын сатып алыўы ушын 5 млн сумлық субсидия, екеўине ыссыхына, екеўине майыплық арбашасы алып берилген. Соның менен бирге 5 ҳаял-қыздың жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленип, екеўиниң турақ жай ушын ижара пуллары төлеп берилген.

Сондай-ақ, аймақта жаслар менен бирге ислесиў де жақсы жолға қойылған. Қулласы, жыйында алып барылып атырған әмелий ис-илажлар нәтийжесинде халықтың турмысы абаданласып, көше ҳәм қыябанлар гөззал түрге енбекте.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.