Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 20-21-октябрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Сапар бағдарламасына муўапық, еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додалаў ушын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди.

Тийкарғы итибар Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа басқышта және де беккемлеў, санаат, энергетика ҳәм химия тармақларында, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика тараўларында кооперацияны кеңейтиў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў мәселелерине қаратылады.

Саммит жуўмағында бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламын қабыл етиў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, сапар даўамында Ашхабад қаласында «Ташкент» паркин ашыў ҳәм Шегара алды саўда орайын қурыў бойынша жойбарды биргеликте баслап бериў режелестирилген.

ӨзА