Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Имамали Раҳманның мирәт етиўине бола 2018-жыл 9-10-март күнлери мәмлекетлик сапар менен Тәжикстанда болады.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржылық, транспорт-коммуникациялық, туризм, мәдений-гуманитар тараўлардағы ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў, пуқаралардың өз-ара сапар етиўин жеңиллетиў мәселелери додаланады, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылады.
Сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Президентлердиң Бирликтеги билдириўи, Өзбекстан – Тәжикстан мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққында шәртнама, Пуқаралардың өз-ара қатнаўы ҳаққындағы келисимге, сондай-ақ, түрли тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге қаратылған жәми 25 тен аслам ҳүжжетке қол қойылыўы режелестирилген.
Буннан тысқары, сапар шеңберинде өткерилетуғын бизнес-форум ҳәм Өзбекстан миллий көркем өнер көргизбесинде коммерциялық шәртнамаларға ҳәм экономиканың түрли тармақларындағы кооперацияға байланыслы келисимлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған. Еки елдиң көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында концерт шөлкемлестирилиўи де мөлшерленген
Өзбекстан Республикасы Президенти
Баспасөз хызмети