Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм Өзбекстан жеңил атлетика федерациясы тәрепинен усы жылдың март айында республиканың барлық аймақларында «Жаслар марафоны»н өткериў режелестирилген. Мағлыўматларға қарағанда, марафон орайлық көшелер бойлап белгилеп алынған аралық бойынша өткериледи.

Марафонды өткериў бойынша тастыйықланған улыўмалық режеге муўапық, «Жаслар марафоны» ҳәўескер жуўырыўшылар арасында төмендеги аралықларда өткериледи:

  1. 2018 метр;
  2. 3 километр;
  3. 21 километр.

Марафонға аймақлардағы шөлкемлеспеген жаслар, билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған 16-30 жасқа шекемги болған қыз-жигитлер қатнасқўқ мүмкин. Марафон жеңил атлетика қағыйдалары тийкарында өткериледи.

Ғалабалық жуўырыў төмендеги жас категориялары бойынша топарларға бөлинген ҳалда өткериледи:

1-басқыш – 10-11-класс мектеп оқыўшылары арасында;

2-басқыш – Академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары арасында;

3-басқыш – Жоқары оқыў орынлары студентлериниң арасында;

4-басқыш – Аймақлардағы шөлкемлеспеген жаслар арасында.

Марафон қатнасыўшысы спорт формасында болыўы шәрт.

Мағлыўматларға қарағанда, марафонға қатнасыў бойынша талапнама март айының 17-сәнесине шекем Өзбекстан жаслар аўқамының жергиликли кеңеслеринде ҳәм marafon.yi.uz сайтында он-лайн формада әмелге асырылады.

Марафонда 1-, 2- ҳәм 3-орынларды ийелеген жеңимпазлар медаль, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Марафонның Нөкис қаласындағы өткерилиў сәнеси ҳәм орны ҳаққында кейинирек толық мағлыўмат берип өтемиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.