Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан бирлескен комитети тәрепинен елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Сурхандәрья ўәлаятының тарийхый қалалары, зыярат орынлары менен дыққатқа ылайықлы жерлерине саяхат шөлкемлестирилди.

-Илаж даўамында тараўдың 33 хызметкери, олардың  шаңарақ ағзалары ҳәм нуранийлар Омонхана шыпалы суўы, Байсын таўлары ҳәм Сангардак сарқырамасында болды,-дейди  Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы республикалық Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Жеңисбай Аяпов.-Бул жерлердеги тәбияттың әжайып көринислери келиўшилерге көтериңкилик бағышлады. Кеўилли дем алған саяхатшылар бул илажды шөлкемлестирген кәсиплик аўқамларына миннетдаршылық билдирди. Президентимиздиң 2021-жыл 9-февральдағы  «Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша тараў хызметкерлери арасында бундай саяхатлар алдағы ўақытлары да даўам етеди.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы