Гейде бир миллионлап жумыс орны жаратылды, деген есабатлар бериледи, бирақ бул жақта адамлар сырт елге жумыс излеп кетип атырған болады…

Сенаттың жалпы мәжилисинде Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумысларды үйрениўдиң нәтийжелери додаланды.

Бул ўәлаятларда жумыссызлықты азайтыў бағдарында белгили бир нәтийжелерге ерисилген. Атап айтқанда, дерлик 120 мың жумыссыз пуқараға мийнет органлары тәрепинен бәнтлик хызметлери көрсетилген. 31 мың пуқара бос жумыс орынларына орналастырылған.

Соның менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда бир қатар кемшиликлерге жол қойылған.

Жумыс орынлары ҳаққындағы улыўма есабатты қәлиплестириўде тәкирарланатуғын санларды шегирип таслаў, салық уйымы ҳәм Бирден-бир миллий мийнет системасы электрон мағлыўматлар базасына муўапықлығын тәмийинлеў жумыслары жуўмақланбаған.

Соның ишинде, Самарқанд ўәлаятында туризм бағдарында жеке тәртипте исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириўдиң есабынан жаратылған 5,2 мың жумыс орны бир ўақыттың өзинде исбилерменликти раўажландырыў бағдарында жаратылған жумыс орынларында да қайта көрсетилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги