My.gov.uz арқалы автотранспортты басқарыў ушын электрон исеним хатын рәсмийлестириў хызмети иске қосылды.

Енди исеним хатын рәсмийлестириў ушын нотариал уйым излеп жүриў, ҳүжжетти тастыйықлаў ушын нәўбетлерде турыў шәрт емес. Барлық процесслер онлайн әмелге асырылады.

Ҳүжжет умытып қалдырылғанында да машқала жүзеге келмейди. Себеби, электрон исеним хаты ЖПХ хызметкерлери тәрепинен онлайн тексериледи.

Электрон исеним хаты ушын өз алдына төлем тәртиби (мәмлекетлик бажы – БЕМ ның 3 есеси – 900 мың сум) белгиленген.

Онда мәмлекетлик бажы:

1 айға шекемги мүддетке – 10 процент (90 мың сум);

6 айға шекемги мүддеткен – 50 процент (450 мың сум);

3 жылғы шекемги мүддетке – 100 процент (900 мың сум муғдарында) өндириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги