Ендиги жылдан баслап барлық улыўма билим бериў мектеплериниң 10-11-классларында, жоқары оқыў орынларының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетлеринде Сулайман Бақырғаныйдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы темаларда сабақлар өтилип баслайды. Ҳәзирги ўақытта бул ушын сабақлықлар таярланбақта, китаплар баспадан шықпақта, – деп айтып өтти профессор К.Алламбергенов 22-28-февраль күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Сулайман Бақырғаныйдың өмири ҳәм дөретиўшилигин үзликсиз билимлендириў системасында үйрениўдиң әҳмийетли мәселелери» темасында өткерилген республикалық илимий-теориялық конференцияда.

Мағлыўмат ушын, ел арасында Ҳәким Ата лақабы менен белгили болған уллы суўфый ҳәм шайыр Сулайман Бақырғаный бизиң жерлесимиз болып табылады. Ол шама менен 1122-1123-жыллары туўылған, 1186-жылы Қоңыратқа жақын жердеги Бақырған аўылында қайтыс болған.

Сулайман Бақырғаный түркий халықлардың арасында суфизм позициясын баслап берген Хожа Аҳмед Яссаўийдиң шәкирти – устазының жолын қуўып, ислам дини ҳәм тәсаўўыф исенимлерин қарапайым халыққа терең түсиндирип беретуғын қосықларды ҳәм дәстанларды дөреткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги