Австрияның Оберварт қаласында дзюдо бойынша Европа ашық чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Бул жарысқа дүньяның 37 мәмлекетинен келген дзюдошылар медальлар ушын татамиге шықты. Олар арасында Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасының 6 палўаны қатнасып, 52 кг салмақта Сита Кадамбаева ҳәм 57 кг салмақта Нилуфар Ермаганбетовалар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Ал, 78 кг салмақта қатнасқан Ирисхон Қурбонбоева қола медалы ушын болған гүресте  түркиялы Нурхан Йилмазға жеңилип қалып, 5-орын менен шеклениўге мәжбүр болды.

Солай етип, сайланды командамыз бул жарысты еки қола медалы менен жуўмақлады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы