Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Қарақалпақ әдебияты кафедрасының шөлкемлестириўинде усы жыл 22-28-февраль күнлери «Сулайман Бақырғаныйдың өмири ҳәм дөретиўшилигин үзликсиз билимлендириў системасында үйрениўдиң әҳмийетли мәселелери» темасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны НМПИдиң илимий ислер бойынша проректоры М.Жалелов алып барды.

Онда Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы академиги Ж.Базарбаев, Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязов, филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов, Қоңырат районынан ветеран устаз Ө.Ембергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Сулайман Бақырғаныйдың мийраслары – улыўма инсаныйлық қәдирият екенлигин айрықша атап өтти.

Илаж НМПИдиң Мәлимлеме-ресурс орайында шөлкемлестирилген Сулайман Бақырғаныйдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы китаплар көргизбеси менен басланып, институттың барлық факультетлеринде әдебий сәўбетлер ҳәм көркем оқыўлар өткерилди. Сондай-ақ, барлық факультетлерде «Сулайман Бақырғаный шығармаларының билимданы» атамасындағы тапқырлық, зийреклик жарыслары ҳәм басқа да әдебий-көркем номинациялар бойынша таңлаўлар шөлкемлестирилди.

25-февраль күни илаж қатнасыўшылары Қоңырат ҳәм Мойнақ районы аймақларындағы Ҳәким Ата Сулайман Бақырғаный мавзолейин, ески Буғрахан қаласы археологиялық комплексин зыяратлады. Усы районлардағы оқыў орынларында оқыўшылар менен әдебий кеше ҳәм ушырасыўлар өткерилди. Сондай-ақ, түркий филология қәнигелериниң дөгерек сәўбетлесиўлери, институттың социал-гуманитар бағдарларында билим беретуғын факультетлерде Сулайман Бақырғаныйдың өмири, дөретиўшилиги, оның заманы, философиясы бойынша ашық сабақлар өткерилди.

– Ендиги жылдан баслап барлық улыўма билим бериў мектеплериниң 10-11-классларында, жоқары оқыў орынларының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетлеринде Сулайман Бақырғаныйдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы темаларда сабақлар өтилип баслайды. Ҳәзирги ўақытта бул ушын сабақлықлар таярланбақта, китаплар баспадан шықпақта,-дейди профессор К.Алламбергенов.

Секция мәжилислеринде Ҳәким Ата Сулайман Бақырғаный заманындағы этномәденият, оның мәдений мийрасының изертлениў жағдайлары, шығармаларының тарийхый дәрек сыпатындағы әҳмийети, илимниң раўажланыўындағы роли сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша онлаған илимий баянатлар тыңланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Бул илажлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 17-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаў бойынша режелер бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында өткерилмекте.

Мағлыўмат ушын, ел арасында Ҳәким Ата лақабы менен белгили болған уллы суўфый ҳәм шайыр Сулайман Бақырғаный бизиң жерлесимиз болып табылады. Ол шама менен 1122-1123-жыллары туўылған, 1186-жылы Қоңыратқа жақын жердеги Бақырған аўылында қайтыс болған.

Сулайман Бақырғаный түркий халықлардың арасында суфизм позициясын баслап берген Хожа Аҳмад Яссаўийдиң шәкирти – устазының жолын қуўып, ислам дини ҳәм тәсаўўыф исенимлерин қарапайым халыққа терең түсиндирип беретуғын қосықларды ҳәм дәстанларды дөреткен.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.