Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-февраль күни Пакистан Ислам Республикасы, Швейцария Конфедерациясы, Латвия Республикасы, Израил Мәмлекети, Германия Федеративлик Республикасы, Словакия Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери етип тайынланған Ирфон Юсуф Шомий, Оливье Шав, Михаилс Попковс, Эдуард Шапира, Гюнтер Оверфельд, Ян Бори ҳәм Цзян Яннан исеним жарлықларын қабыл етип алды.
Мәмлекетимиз басшысы елшилерди елимизде дипломатиялық миссиясын баслағаны менен шын жүректен қутлықлап, жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар ҳәм жетискенликлер тиледи.
Мәресимде Өзбекстан күшли пуқаралық жәмийети ҳәм жедел раўажланып баратырған базар экономикасына ийе еркин ҳәм демократиялық мәмлекет қурыўдың жаңа тарыйхый басқышына қәдем қойғаны айрықша атап өтилди.
Өзбекстанды буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде басланған кең көлемли реформалар ҳәм өзгерислер белгили бағдар алмақта.
Ашық-айдын сыртқы сиясат алып бармай, көп қырлы өз-ара пайдалы халықаралық бирге ислесиўди беккемлей турып белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырып болмайтуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясатында оғада қысқа дәўирде салмақлы нәтийжелер қолға киргизилди. Шет ел мәмлекетлери, абыройлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның Орайлық Азияда қәўипсизлик, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўде буннан былай да барлық ис-ҳәрекетлерин жумсайтуғыны ҳәм ашық-айдын, дослық ҳәм әмелий сыртқы сиясат алып бырыўды даўам ететуғынын атап өтти. Онда бәринен бурын қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларға айрықша итибар бериледи.
Сондай-ақ, дүньяның жетекши мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы ҳәм узақ мүддетли шерикликти кеңейтиў сиясаты даўам еттириледи.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеўинде жаңа елшилерди тайынлаған еллер менен дослық байланысларды ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң тийкарғы бағдарларына тоқтап өтти.
Өзбекстан Республикасы регионаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде дәстүрий түрде айрықша орын ийелеп атырған Пакистан Ислам Республикасы менен көп қырлы қатнасықларды раўажландырыўға үлкен әҳмийет берип атырғаны атап өтилди.
Жоқары дәрежедеги турақлы сиясий сөйлесиўлер еки тәреплеме бирге ислесиўди сезилерли жеделлестириўге хызмет етти. Соның менен бирге, өз-ара саўда-сатық көлемин арттырыў, агросанаат, фармацевтика, кәншилик ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны көбейтиў ушын үлкен потенциал бар.
Швейцария Конфедерациясы Өзбекстанның Европадағы исенимли ҳәм узақ мүддетли шериги болып есапланады.
Бүгинги күнде Өзбекстан-Швейцария қатнасықлары сиясат, экономика, қаржы ҳәм банк, мәденият ҳәм билимлендириў сыяқлы түрли тараўларда табыслы раўажланбақта. Швейцария раўажланыў ҳәм бирге ислесиў агентлиги менен нәтийжели шериклик жолға қойылған.
Швейцарияның жетекши компаниялары менен химия, тоқымашылық, фармацевтика, азық-аўқат санааты, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм тараўында кооперация ушын имканиятлар бар екенлиги айрықша атап өтилди.
Латвия Республикасы менен белсенди сиясий сөйлесиў жолға қойылған, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар избе-из раўажланбақта.
Ригада уллы ата-бабаларымыз Мырза Улығбек ҳәм Абиў Әлий ибн Сино естеликлери орнатылғаны елимизге ҳәм халқымызға болған жоқары ҳүрметтиң белгиси болып есапланады.
Саўда, инвестиция ҳәм инновациялар, транспорт ҳәм логистика, энергетика, фармацевтика, аўыл-хожалығы ҳәм туризм тараўларындағы бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыў еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары екени атап өтилди.
Өзбекстан Израил Мәмлекети менен өз-ара ҳүрмет ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплери тийкарында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екени атап өтилди.
Израилдың алдынғы технологияларын, тәжрийбесин, илимий жетискенликлерин тартыў тийкарында биотехнологиялар, энергия ҳәм суў насосларын үнемлеў, медицина ҳәм фармацевтика, туризм сыяқлы бағдарларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў усыныс етилди. Билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларында бар үлкен потенциалдан пайдаланыў зәрүрлигине итибар қаратылды.
Елимиздиң исенимли ҳәм узақ мүддетли шериги болған Германия Федеративлик Республикасы менен барлық тараўларда белсенди сөйлесиў жолға қойылған, тығыз байланыслар ҳәм тәжрийбе алмасыў қоллап-қуўатланбақта.
Тийкарғы итибар елимиз экономикасының жоқары технологиялық тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде Германияның жетекши компаниялары менен узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы шериклик байланыслырын раўажландырыўға қаратылды.
Илим ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў, еки ел аймақлары арасында байланыслар орнатыў ҳәм раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Словакия Республикасы Өзбекстан ушын Европадағы перспективалы бирге ислесиўшилерден бири есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы сиясий сөйлесиўди беккемлеў менен бир қатарда саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларында бар потенциалды жүзеге шығарыўды усыныс етти. Бул жерде, бәринен бурын, электротехника, фармацевтика, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, химия ҳәм азық-аўқат санаатында қоспа жойбарларды әмелге асырыў айрықша әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Президенти Қытай Халық Республикасы менен дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из беккемленип атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Еки мәмлекет басшыларының өткен жылы Пекин ҳәм Астана қалаларында болып өткен ушырасыўлары өз-ара бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығып, анық мазмун менен байытты.
Мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўдиң барлық тараўларында, атап айтқанда, саўда-экономикалық, инвестиция, инновация, қаржы-техникалық, транспорт коммуникациялары ҳәм басқа да бағдарлардағы шерикликти тереңлестириў ушын кең имканиятлар бар екенлигин айрықша атап өтти.
Транспорт-транзит жолларын раўажландырыўға қаратылған регионаллық жойбарларды әмелге асырыў, атап айтқанда, Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай темир жол магистралын қурыў зәрүрлиги атап өтилди.
Өзбекстан-Қытай менен илим, мәденият, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан Президенти сөзиниң жуўмағында шет ел елшилерине елимиздиң министрликлери, ведмостволары ҳәм шөлкемлери менен белсене ислесиў, орынлардағы потенциаллар менен имканиятлар, халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәденияты менен жақыннан танысыў ушын аймақларға тез-тез келип турыўын усыныс етти.
Ҳәр қыйлы жуўапкершиликли лаўазымлардағы жумысы даўамында топланған тәжирийбе шет ел дипломатларына белгиленген мақсетлерге нәтийжели ерисиў ҳәм Өзбекстан менен еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў жолында өзине жүкленген әҳмийетли миссияны табыслы орынлаўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Өз гезегинде, жаңадан тайынланған елшилер шын жүректен қабыллағаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, еллеримиз арасындағы кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға бар ис-ҳәрекетлерин жумсайтуғынын атап өтти.
ӨзА