Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде исбилерменликти, әсиресе, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў, олардың жумысында пайда болып атырған машқалалары менен тосқынлықларды сапластырыў бойынша комплексли илажлар көрилмекте.

Нәтийжеде өткен бир жылда 55 мыңнан аслам бизнес ушын мөлшерленген имаратлар қурылды, қаржы айланысын 1 миллион доллардан арттырған исбилерменлер саны 5 мыңға көбейип, 26 мыңды қурады, экспорт етиўши кәрханалар саны 7,5 мыңға жетип, жәми экспорт көлеми 30 процентке көбейди.

Усы жылдың 22-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен «ашық форматтағы сөйлесиўи» шеңберинде исбилерменлерден келип түскен 12 мыңнан аслам мүрәжатта көтерилген системалы машқалалардың шешимине қаратылған усыныс ҳәм басламаларды әмелге асырыў және «ашық форматтағы сөйлесиў»де белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде:

  1. Төмендеги бағдарларды өз ишине алған Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен «ашық форматтағы сөйлесиўи»нде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «жол картасы») 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

исбилерменлик субъектлерин категорияларға ажыратыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша мәнзилли ислесиў;

исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы қаржыландырыў системасын жаратыў;

исбилерменлер ушын жетерли шараят, инфраструктура ҳәм кепилленген базар жаратыў;

мүлк ҳуқықын тәмийинлеў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў, мүлкти ҳақыйқый базар активине айландырыў;

исбилерменлердиң жумысын қадағалаў ҳәм оларды жуўапкершиликке тартыўды еркинлестириў;

исбилерменлер менен ушырасыўда билдирилген басламалардың орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм «ашық форматтағы сөйлесиў» нәтийжелерин кеңнен үгит-нәсиятлаў.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил, Саўда-санаат палатасы, исбилерменлик субъектлери, илимий топарлар ҳәм кең жәмийетшиликтиң 2-қосымшаға муўапық қурамда Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеңести (кейинги орынларда – Жәмийетлик кеңес) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Жәмийетлик кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

исбилерменлер менен «ашық форматтағы сөйлесиў»де билдирилген усыныс ҳәм басламалардың министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен нәтийжели және өз ўақтында орынланыў жағдайы үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатыў;

мәмлекетлик уйымлар, исбилерменлик субъектлери, илимий топарлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары арасында нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў;

исбилерменлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине тәсир ететуғын ең әҳмийетли мәселелер бойынша жәмийетшиликтиң пикирин системалы мониторинг етиў ҳәм ҳәр тәреплеме таллаў, социаллық сораўлар өткериў, соның ишинде, оларды мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда өткериў;

исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў және ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға усыныў;

исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин исбилерменлерге жеткериў, олардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў ҳәм экономикалық көнликпелерин қәлиплестириўге жәрдемлесиў.

  1. Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Ходжаев ҳәм Ж.Қўчқоров, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Л.Кудратов) және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) «жол картасы»н әмелге асырыўға абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм миллий илимий-изертлеў мәкемелери экспертлери және қәнигелерин тартсын.
  2. Төмендегилерге:

министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – «жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў;

Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Ходжаев ҳәм Ж.Қўчқоровқа – «жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды толық көлемде әмелге асырыў бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының өз ўақтында ҳәм пухта ислеп шығылыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

«жол картасы»нда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў жағдайы бойынша мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң биринши басшыларының есабатлары ҳәр айда Министрлер Кабинети Президиум мәжилислеринде тыңланады;

«жал картасы»ның орынланыўын сын көзқарастан көрип шығыў ҳәм жол қойған кемшиликлер ушын тийисли жуўапкерлерге илаж көриў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы жанында ҳәр шеректе мәжилислер өткериледи.

  1. Министрлер Кабинети (Ж.Ходжаев, Ж.Қўчқоров) бир ай мүддетте исбилерменлер менен «ашық форматтағы сөйлесиў» шеңберинде билдирилген баслама ҳәм усынысларды әмелге асырыў нәтийжесинде исбилерменлердиң жумысында жүз берген унамлы өзгерислерди жарытып барыў бойынша медиа-реже тастыйықласын.

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары тастыйықланған медиа-реже тийкарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелерин ғалаба хабар қураллары және Интернет бетлеринде кеңнен жарытып барсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

«Жол картасы» бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2023-жыл 1-февральға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 30-август