Пайтахтымыздағы Нөкис агроэкономика кәсип-өнер колледжинде жоқары оқыў орнына кириўди қәлейтуғын абитуриентлер шет тилин билиў дәрежеси ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги B1 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги  сертификатына ийе болыў мақсетинде соңғы аймақлық имтиханды тапсырды.

Усы жылдың 13-14-февраль күнлери имтиханның дәслепки тыңлап түсиниў, оқып түсиниў, лексикалық ҳәм грамматикалық компетенция, жазыў көнликпелери бойынша тест сынағының жуўмағы шықты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 10-декабрьдеги «Шет тиллерин үйрениў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, халықаралық тәжирийбелерге сүйенген ҳалда шет тиллерин билиў дәрежесин баҳалаўдың Миллий системасы ислеп шығылып, турмысқа енгизилди.

Шет тилин билиў дәрежесин анықлаў ҳәм мәмлекетлик үлгидеги сертификатты бериў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 31-декабрьдеги қарары менен тастыйықланған «Шет тилин билиў дәрежесин анықлаў ҳәм сертификат бериў ҳаққындағы реже»ге тийкарланып, быйыл биринши мәрте билимлендириў системасына енгизилип атыр.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-августтағы «Оқыў орынларында шет тиллерин оқытыўдың сапасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша 2018-жыл 1-январьдан баслап шет тилин билиў дәрежеси ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги сертификатқа ийе болған оқыўшы ҳәм оқытыўшыларға бир қатар жеңилликлер енгизилди. Атап айтқанда, шет тилин билиў дәрежеси ҳаққында А2, B1, B2 дәрежесиндеги сертификат ийелерин тийисли түрде  орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелерине, жоқары оқыў орынларының бакалавриатына ҳәм магистратурасына кириўде  шет тили бойынша өткерилетуғын тест сынағынан азат етип, усы пәннен белгиленген максимал балл  бериледи. Ал, усы сертификатқа ийе болған улыўма орта, орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў  мәкемелериниң педагоглары аттестациядан өтиў процесинде максимал балл менен баҳаланады ҳәм тест сынағынан азат етиледи. Бул сертификат 3 жыл даўамында күшке ийе.

– Бул жеңилликтен пайдаланыў нийети менен сертификат алыў ушын Қарақалпақстан Республикасынан арза бергенлердиң саны  100 ден аслам болып, Ташкент қаласында шет тилин билиў дәрежесин анықлаў ушын болып өткен тест сынақларының дәслепки нәтийжелери усы жылдың 13-14-февраль күнлери жәрияланды. Олардан шет тиллери бойынша кейинги  – аўызша имтихан Нөкис қаласында алынды, – дейди Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасы бойынша турақлы ўәкили Музаффар Абдуллаев. – Имтихан ушын арзалар қабыллаў усы жылдың 29-январь сәнесинде жуўмақланды. 10-марттан баслап nsfla.uz сайтында тағы да арзалар қабыллаўды баслаў ҳәм апрельде имтиханлардың өткерилиўи режелестирилмекте.

– Жийеним Мадина Бахтығаниева ҳәм басқа да оқыўшыларым менен B1 категориялы сертификатты алыў ушын шет тили бойынша аўызша имтиханды тапсырыў ушын келдик, – дейди Беруний районы 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң инглис тили оқытыўшысы Гүлбану Төлегенова. – Ең дәслеп Мәмлекетлик тест орайының сайтына арза тапсырып, имтиханларда қатнасыў ушын төлем, 258 мың сум төледик ҳәм Ташкент қаласына жоллама алдық. 3  мыңнан аслам абитуриент қатнасқан, Ташкент қаласында өткерилген тест сынағында районымыздан жәми 29 талабан өз билимин сынап көрди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.