28-август күни Японияда “SBS Cup” халықаралық жарысы өз жуўмағына жетти.
Онда Фарҳод Нишонов басшылығында қатнасқан Өзбекстан U-19 сайланды командасы жарыс даўамында үш команда менен ойын өткерип, турнир жеңимпазы болыўға еристи.
Атап айтатуғын болсақ, сайланды команда футболшылары дәслепки турда Японияның “Шизуока” клубы менен 3:3 есабында ойнап, пенальтилер сериясында 4:3 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Ал, екинши турда болса, командамыз ағзалары уругвайлы досларын 1:0 есабында утыўға еристи.
Ең соңғы финал ушырасыўында япониялы футболшылар менен 1:1 ойнап, пенальтилер сериясында және бир мәрте ўәкиллеримизге әўмет күлип бақты ҳәм Өзбекстан U-19 “SBS Cup” халықаралық жарысының жеңимпазына айланды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, сайланды командамыз ағзасы Рустамбек Фомин жарыстың ең жақсы ойыншысы сыпатында тән алынды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы