Усы жылдың 6-17-февраль күнлери аралығында Ташкент қаласында 14, 16 ҳәм 18 жасқа шекемги ер ҳәм қыз балалар арасында шахмат бойынша Өзбекстан Республикасы чемпионаты өткерилди.
Оған республикамыздың барлық ўәлаятларынан келген жас шахматшылар қатнасып, стандарт, блиц ҳәм рапид жөнелислери бойынша өз-ара күш сынасты.
Чемпионатқа Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында қатнасқан спортшылар арасынан жерлесимиз, тақыятаслы Махым Оразмуҳаммедова рапид жөнелиси бойынша алтын медальды жеңип алған болса, стандарт жөнелиси бойынша гүмис медаль менен сыйлықланды.
– Шәкиртим 4 жасынан баслап шахмат дөгерегине қатнай баслады. 5 жасында 10 жастағылар арасында өткерилген жарыста Қарақалпақстан чемпионы болды. 4 мәрте Өзбекстан чемпионатына қатнасып, сыйлы орынды ийеледи. Ҳаял-қызлар арасында биринши мәрте Қарақалпақстан чемпионы болды. Өткен жылы Азия чемпионатына қатнасып 2-орынды ийеледи, – дейди спортшының тренери Әбдикәрим Тураев. Бул жеңиси нәтийжесинде М.Оразмуҳаммедова усы жылдың 31-март ҳәм 10-апрель күнлери аралығында Тайланд мәмлекетиниң Чиангмай қаласында болып өтетуғын Азия чемпионатына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизди.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы