24-28-февраль күнлери аралығында пайтахтымыздағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың Туран жеке гүреси бойынша 1999-2000-жыллары туўылған ер балалар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты ҳәм 2003-2004-жыллары туўылған өспиримлер арасында Өзбекстан кубоги өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан жәми  250ге шамалас спортшылар қатнасты. Жарыста қызлар 10 салмақ категорияларында, ер балалар  11 салмақ категорияларында  өз-ара күш сынасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында наманганлы Ш.Собитхонова, А.Сейфуддинов, қашқадәрьялы С.Отамурадов, З.Режебев, бухаралы Ш.Бердиева, Н.Буранов, сырдаәрьялы Ш.Рахманова, самаркандлы Ж.Облақулова, ташкентли А.Мурадхонов, М.Уктамов, сурхандәрьялы М.Эрданова, жиззақлы  С.Умирбаев, З.Закирова, наўайылы М.Жалилов, Ташкент ўәлаятынан  Ш.Қувватова ҳәм қарақалпақстанлы  Д.Юсуфбековлер жеңимпаз деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары Өзбекстан Туран жеке гүреси федерациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт комитети тәрепинен  таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы

( Сүўретлер ЎзА фотохабаршысы Мақсет АБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген)