22-25-август күнлери пайтахтымызда жәмлеспеген жаслар арасында миллий гүрес бойынша Нөкис қаласы прокурорының кубоги ушын жарыс болып өтти.

Алты салмақ категориясында гүреске түскен жаслар арасында 60 кг салмақта Сиявуш Жумамуратов, 66 кг салмақта Жоламан Мошанов, 73 кг салмақта Сражатдин Аймуратов, 81 кг салмақта Руслан Ерниязов, 90 кг салмақта Қажымуқан Қыдырбаев, 100 кг салмақта Ислам Мамутов ҳәм +100 кг салмақта Турдыбай Сейтмуратовлар 1-орынды ийелеўге миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпазлар Нөкис қаласы прокурорының кубоги ҳәм сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы