Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белгилеў мақсетинде 23-24-август күнлери Самарқанд ўәлаятында болды.

Шавкат Мирзиёев сапардың екинши күнин Имам Бухарий мақбарасын зыярат етиў менен баслады. Қуран оқылып, пәтия етилди.

Бул зыярат орны уллы муҳаддес бабамыздың мусылман дүньясындағы жоқары ҳүрметине мүнәсип тәризде қайта қурылмақта. Мақбара, үлкен мешит, имаратлар, әйўанлар қурылмақта.

Президентимиз бул дөретиўшилик жумысларын көзден өткерди.

-Бул жойбарды көп додаладық, қайта-қайта келип көрдик. Енди қурылыста да асықпаў керек. Ҳәм зыярат, ҳәм ибадат көзқарасынан бул жерде барлық шараят болыўы зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы комплекс жанында Имам Бухарийдиң өмирин көрсетиўши электрон музей шөлкемлестириў усынысын билдирди.

-Жақында Мадина қаласында болғанымызда пайғамбарымыз Муҳаммед әлейҳиссаламның сийратлары ҳәм ислам цивилизациясы музейин көрдик. Бул жерде де соған уқсас музей шөлкемлестирсек, жақсы болар еди. Онда Имам Бухарий бабамыздың өмири, илим жолы, сол дәўир тарийхы мәлимлеме технологиялары арқалы көрсетиледи. Булар жаслар, сырт елли туристлердиң анық көз алдында қалады. Музей халқымызға және бир мәнаўий ғәзийне болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен Қурылыс министрлигине бул бойынша жойбар таярлаў тапсырылды.

Шавкат Мирзиёев Ҳәзирети Хызр комплексине барып, Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мақбарасын зыяратлады.

Жоқары дәрежедеги сапарлар, халықаралық саммитлердиң ўәлаятларда өтиўи мәмлекеттиң раўажланыўын көрсетиўши тәреплерден бири. Аймақлардың комплексли раўажландырылып атырғаны нәтийжесинде кейинги жыллары бундай ири илажлар ҳәр қыйлы қалаларымызда өткерилмекте.

Жақын айларда Самарқандта бир неше халықаралық дәрежедеги илажлар болып өтеди. Ҳәзирги ўақытта усы әнжуманларға үлкен таярлық көрилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапары ўақтында бул процессти көзден өткерди.

Самарқанд қаласында XIX әсирдиң ақыры- XX әсирдиң басларына тийисли естеликлер көп. Әлийшер Наўайы менен Шоҳрух көшелериндеги усындай тарийхый имаратларда миллетлераралық дослық ҳәм сырт еллер менен бирге ислесиўге бағышланған музейлер шөлкемлестириў режелестирилген.

Президентимиз бул режелерди мақуллап, музейлерди мазмуны жағынан байытыў, бирге ислесиўши мәмлекетлер менен тығыз қатнасықларды көрсетиў бойынша көрсетпелер берди.

23-август күни Самарқанд районында «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм орайы ашылған еди. Бул комплексте ири халықаралық әнжуманлар болып өтеди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги Конгресс холл ҳәм мийманханаларда жаратылған шараятлар менен танысты.

Мийманханалардың екеўи 5 жулдызлы ҳәм алтаўы 4 жулдызлы. Конгресс холлдың улыўма майданы дерлик 6 мың квадрат метр. Ол 3 мың  500 адамды қабыл етиў қуўатлылығына ийе. Әнжуманлар ўақтында жумысларды нәтийжели муўапықластырыў ушын ситуациялық орай да шөлкемлестирилген.

Президентимиз бул жерде сырт ел делегациялары, еки тәреплеме ушырасыўлар ушын қолайлықларды арттырыў бойынша усыныслар берди.

Усының менен мәмлекетимиз басшысының Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды.

ӨзА