Ҳәзирги ўақытта  Самарқандта болып турған Президентимиз Шавкат Мирзиёев ўәлаятта әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен таныспақта.

Мәмлекетимиз басшысы Пайариқ районындағы Имам Бухарий комплексинде болып, бул қутлы орынды зыярат етти.

Комплексти уллы бабамыздың Ислам әлеминде тутқан орнына, потенциалына сай тәризде қайта қурыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды көзден өткерип, зыяратшылар ушын қолайлылықлар жаратыў бойынша қосымша тапсырма берди.

Усы жылдың сентябрь айында Самарқандта Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммити өткерилиўи режелестирилген ҳәм усы мүнәсибет пенен ўәлаятта кең көлемли қурылыс-дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта.

ӨзА