Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң елимиз исбилерменлери менен ашық форматтағы ушырасыўда шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли исбилерменлер, ашық форматтағы сөйлесиў қатнасыўшылары!

Бүгин Исбилерменлер күни мүнәсибети менен елимиздиң бизнес жәмийетшилигинде мүнәсип орынға ийе болған сиздей әзиз инсанлар менен көрисип турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Бүгинги сөйлесиўимиз ең уллы ҳәм ең әзиз әййям – Ғәрезсизлик байрамы алдынан өтип атырғаны, оған айрықша мазмун ҳәм руўҳ бағышламақта, десем дурыс болатуғынына гүман жоқ.

Буннан бир жыл алдын сизлер менен мине усындай ийгиликли дәстүрди жолға қойғанымыз жүдә дурыс болғанын бүгинги турмыстың өзи дәлиллемекте.

Өткен жылғы ушырасыў алдынан ҳәм илаж даўамында сизлерден келип түскен мыңлаған мүрәжатларда көтерилген машқалаларды шешиў ҳәм усынысларды әмелге асырыўға қаратылған үлкен бағдарлама, 70 тен аслам пәрман ҳәм қарарлар қабыл еттик. Бизнести жолға қойыў ҳәм раўажландырыў ушын 130 триллион сум кредитлер, 3,5 триллион сумлық субсидия ҳәм компенсациялар ажыраттық.

Өткен жылғы ушырасыўымыз алдында шет ел валютасында кредит алған ҳәм валюта курсының турақлы өсиўи себепли қыйын жағдайға түсип қалған жүзлеген исбилерменлеримизден мүрәжатлар келип түскен еди. Усындай машқалаға дус келген илажлардың аўырын жеңиллетиў мақсетинде олардың 123 миллион долларға тең кредитлерин миллий валютаға өткерип бердик. Бул әмелиятты даўам еттиремиз.

Қурылыс санаатында цемент, былғары-санаатта бояўлар ҳәм химиялық затлар, мебель санаатында МДФ, фурнитура ҳәм аксессуарлар сыяқлы жәми 82 түрдеги шийки зат ҳәм ярым таяр өнимлер импорт бажынан азат етилди, нәтийжеде өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтыў ушын шараят жаратылды.

Улыўма, унамлы мысал сыпатында көрсететуғын нәтийжелеримиз көп. Мен олар ҳаққында көп тоқтамастан, усы бизнес орталығының жақсыланғанын көрсететуғын мысалларды келтирип өтпекшимен.

Итибар бериң, өткен бир жыл даўамында исбилерменлер тәрепинен 55 мыңнан аслам бизнес ушын имаратлар қурылды. Яғный, исбилерменлер келешекке исенип, көшпес мүлкке инвестицияларды көбейтпекте. Сондай-ақ, түсимлери 1 миллион доллардан асқан исбилерменлик субъектлериниң саны 5 мыңға артып, 26 мыңға жетти. Және 1 мыңы товар айланысын 1 миллионнан 10 миллион долларға шекем жеткерди. Исбилерменлеримизден 220 сының түсимлери болса 100 миллион долларға жетти.

Мәмлекетимизде экспорт етиўши кәрханалардың саны 7,5 мыңға жетти, улыўма экспорт көлеми 30 процент көбейди.

Әлбетте, бундай жетискенликлерге ерисиў аңсат болмай атыр. Мен буны жақсы түсинемен. Усы жетискенликлердиң тийкарында сизлердиң тынымсыз ҳәм машақатлы мийнетиңиз турғанын анық билемен ҳәм қәдирлеймен.

Бүгин усы минберден турып бир гәпти ашық айтпақшыман: мен сизлерди абадан турмысымыздың дөретиўшилери, деп билемен ҳәм бул жолда сизлер менен бәрқулла биргемен.

Ҳәзир ғана 29 бизнес ўәкиллерине олардың пидәкерлик мийнетин тән алып, мәмлекетимиздиң жоқары орден ҳәм медальларын тапсырдым. Сондай-ақ, күни кеше 100 исбилерменимиз «Фаол тадбиркор» көкирек белгисине ийе болды.

Пурсаттан пайдаланып, бул исбилерменлеримизди және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Дүньядағы ҳәзирги жағдайды көрип турсыз, оның дүнья экономикасына кери тәсири артып бармақта.

Экономикалық белсендиликтиң төменлеўи, сыртқы саўда, логистика, азық-аўқат ҳәм шийки зат баҳаларындағы, энергия менен турақлы тәмийинлеўдеги машқалалар исбилерменлерди, әлбетте, қәўетерге салмақта.

Сонлықтан бул қәўип-қәтерлердиң экономикамызға тәсирин азайтыў ҳәм турақлы раўажланыў ушын барлық имканиятларды иске қоспақтамыз. Бул процессте исбилерменлеримиз бенен турақлы сөйлесип, алдағы ҳәрекетлеримизди бирликте даўам еттиремиз.

Ҳүрметли бизнес ўәкиллери!

Бүгинги сөйлесиўимиз барысында исбилерменлеримизден 12 мыңнан аслам мүрәжат келип түсти. Бул мүрәжатлардағы сораўлар, билдирилген пикир-усыныслар ҳәм басламалардың мазмуны менен толық танысып шықтым. Сондай-ақ, министрлер ҳәм ҳәкимлер бизнес ўәкиллери менен өз алдына темалар бойынша ушырасты. Әне усы ушырасыўларда сизлер көтерген машқалалар, берген пикир-усыныслардан да хабардарман.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде бизнес ўәкиллеринде шешимин күтип турған көплеген мәселелер жыйналып қалды.

Биринши – жаңа жойбарларды баслаў, бизнести кеңейтиў ҳәм айланба қаржыларды көбейтиў ушын исбилерменлерде 6 миллиард доллар қосымша кредитлерге зәрүрлик бар. бул ҳаққында 3 мыңға шамалас мүрәжат келип түскен.

Екинши – 1,5 мың исбилермен салық ҳәкимшилигиниң қыйынлығы ҳәм тексериўлер бойынша өзиниң наразылықларын билдирген.

Үшинши – исбилерменлик  ушын шараятлар барлық район ҳәм қалаларда да бирдей емес. Буны жақында енгизилген аймақлардың инвестициялық рейтинги айқын көрсетип берди.

Барлық район ҳәм қалаларда исбилерменликти теңдей раўажландырыў бойынша ҳәр түрли аймақ ушын өз алдына қараў зәрүр.

Төртинши – инфраструктураға жалғаныў, жер ҳәм жай ажыратыў мәселеси бойынша бизнес ўәкиллериниң көплеген машқалалары шешилмей тур. Бул бойынша да 2 мыңнан зыят мүрәжатлар бар.

Бесинши – мүлкке қол қатылмаслық, исбилерменлик жумысына араласыў да бизнес ўәкиллерин терең тәшўишке салып атырғаны сыр емес.

Алтыншы – бизде киши ҳәм орта бизнес түсиниклери, олардың өсимине түртки болатуғын өз алдына қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленбеген.

Сизлер көтерген әне усындай мәселелер орынлы.

Бир нәрсени ашық айтпақшымын – ҳәмме машқалаларды бирден шешиў мүмкин емес. Бирақ, бүгин көплеген мәселелерге шешим табыўға ҳәрекет етемиз, қалғанлары бойынша бизнес ўәкиллери ҳәм экспертлер менен биргеликте ислеймиз.

Ҳәзир мен 5 бағдардағы басламаларды айтып өтсем де, кейин сизлердиң пикир-усынысларыңызды көрип шықсақ.

Ҳүрметли ашық форматтағы сөйлесиў қатнасыўшылары!

Айтып өткенимдей, биринши бағдарда – кәрханаларды категорияға бөлип, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша өз алдына қатнас жасаўды белгилеп алыўымыз зәрүр. Бунда кәрханаларды олардың жыллық айланысы бойынша категорияларға ажыратамыз. Олардың 1 миллиард сумға шекемгиси – микро бизнес, 10 миллиард сумға шекемгиси – киши бизнес, 100 миллиардқа шекемгиси орта бизнес қатегориясына киреди.

Соннан келип шығып, бирншиден, 2023-жыл 1-январьдан баслап микро бизнес ушын айланыстан алынатуғын салықтың әмелдеги 4 процеттен 25 процентке шекемги ставкаларының орнына 4 процентли салық ставкасы енгизиледи. Бунда алыс аймақлардағы ҳәм айрықша категориядағы исбилерменлер ушын әмелдеги 1 ҳәм 2 процентли ставкалар сақлап қалынады. Ямаса олар ықтыярлы түрде жылына 20-30 миллион сум төлесе, бухгалтерия есабын жүргизиў ҳәм салық уйымларына усыныў миннетлемесинен азат етиледи.

Буннан тысқары, айланысы 1 миллиард сумнан асып, улыўма салық төлеў тәртибине өткен кәрханалар бир жыл даўамында пайда салығын 2 есеге аз төлейди. Бул имканиятлар 370 мың исбилерменге жеңилликлер жаратады ҳәм оларға үлкен стимул береди.

Ҳәзирги ўақытта айланысы 10 миллиард сумға шекемги исбилерменлерге хабардар етиў арқалы салық төлемлерин алты айға шекем процентсиз бөлип-бөлип төлеў имканияты бериледи (әмелде 15 процентлик ставка қолланады), егер исбилермен қәлесе, оның сметалық есабатларын салық уйымлары жәрдемлесип жүргизип береди.

Екиншиден, тез өсип атырған потенциалы жоқары болған орта кәрханалардың санын ҳәзирги 3,5 мыңнан 10 мыңға жеткериўимиз зәрүр. Бул ушын 2023-жыл 1-январьдан баслап кишиден орта бизнеске өткен кәрханалар еки жыл даўамында пайда салығының тек ғана 50 процентин төлейди. Сондай-ақ, мүлкти қамсызландырыў қәрежетлериниң 50 проценти мәмлекет есабынан қаплап бериледи.

Буннан тысқары, жеңиллетилген салық, қаржы ҳәм статистикалық есабатлар енгизиледи.

Мәмлекетлик сатып алыўларда 20 процент квота орнатылып, бул сатып алыўлар шеңберинде усы категориядағы кәрханаларға алдын ала 50 процент қаржы төлеп бериледи (әмелде 15 процент).

Үшиншиден, орта кәрханалардың раўажланыўы ҳәм бәсекиге шыдамлы болыўында халықаралық стандарт ҳәм сертификатлаў системасын енгизиў оғада үлкен әҳмийетке ийе. Олар өндириске қаншелли тез енгизилсе, ишки базарда сапалы өнимлеримиз де көбейеди. Тилекке қарсы, буны өз күши менен әмелге асырыў ушын исбилерменде қаржы да, тәжирийбе де жеткиликли емес.

Сонлықтан Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги (Д.Саттаров) бир ай мүддетте ҳәр бир аймақ ҳәм тармақ кесиминде орынланатуғын анық илажлардан ибарат қарардың жойбарын киргизсин.

Төртиншиден, киши ҳәм орта бизнес ушын ең машқалалы мәселелерден бири – бул қосымша қун салығын есаплаў ҳәм қайтарыў менен байланыслы.

Есиңизде болса, буннан 3 жыл бурын қосымша қун салығы тек ғана экспортшы кәрханаларға қайтарылатуғын еди.  2020-жыл 1-июльден баслап болса, бул салықты барлық кәрханаларға қайтарып бериўди басладық. Усының есабынан бундай салық төлеўшилердиң саны 25 есеге артып, 160 мыңға жетти.

Бизнес ушын салық жүгин төменлетиў сиясатын даўам еттирип, алдыңғы ашық форматтағы сөйлесиўде қоымша қун салығының ставкасын еле де түсириўге келисип алған едик.

Ашық айтыўым керек, «Экономика пандемия себепли еле толық тикленбеди, дүнья экономикасындағы жағдай жақсы емес, сол себепли буны кейинге қалдырмайық», – деп усыныс бергенлер де болды. Бирақ, сизлерди исендирип айтаман: биз реформалар жолынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз ҳәм 2023-жыл 1-январьдан баслап қосымша қун салығы ставкасын 12 процентке түсиремиз.

Соның менен бирге, исбилерменлеримизде усы салық бойынша көплеген сораўлар, түсинбеўшиликлер бар.

Бир пикирди атап өтип айтпақшыман, қосымша қун салығы экономикамыздағы «кеселликлер»ди, қупыя процесслерди, есап-санақлардағы «әззи жерлер»ди көрсетип бермекте.

Мени ең тәшўишке салып атырған тәрепи сонда, «зачётқа алыў»дағы надурыс жумыслар себепли ҳадал исбилерменлеримиз, соның ишинде, экспортёрларымыз да қыйналып атыр.

Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Қўчқоров ҳәм Ж.Ходжаев, Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев), Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов) бизнес ўәкиллери ҳәм экспертлер менен бирге, еки ай мүддетте қосымша қун салығы бойынша келип шығып атырған машқалаларды ашық форматта додалап, анық шешимлер бойынша усыныслар ислеп шықсын. Лекин, буны күтпей-ақ, усы жыл 1-октябрьден баслап қосымша қун салығы бойынша есап-санақ толық жолға қойылған кәрханаларға қаржыларды 7 күн ишинде қайтарыў системасы енгизиледи.

Ҳүкимет комиссия (Ж.Ходжаев) бундай категорияға түсетуғын исбилерменлер дизимин қәлиплестирип, әмелий жумысларды шөлкемлестирсин.

Бесиншиден, усы жыл 1-июльден баслап бос имарат, пайдаланылмай атырған жер участкасына мүлк ҳәм жер салықларының арттырылған ставкаларын қолланыў бийкар етилди. Бирақ бурын артығы менен есапланған салықлар не болады, деген сораў 19 мың исбилерменди қәўетерлендирмекте ҳәм бул бойынша көплеген мүрәжатлар келип түскен.

Усыларды есапқа алып, исбилерменлердиң арттырылған салық ставкалары бойынша есапланған 2 триллион сум муғдарындағы қарызларынан пүткиллей ўаз кешсек, не дейсиз?

Екинши бағдар – исбилерменлеримиз өз жумысын кеңейтиў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы қаржыландырыў системасын шөлкемлестириўди сорамақта.

Бириншиден, киши бизнес жойбарларына 20 триллион сум қаратылады. Соның ишинде, келеси бир жыл ушын Қаржы министрлиги микро ҳәм киши бизнес жойбарлары бойынша Микрокредитбанк, Агробанк ҳәм Халық банкине 500 миллион доллар ресурс ажыратады.

Бул қаржылар өз жумысын енди баслаған исбилерменлердиң киши жойбарлары ушын 300 миллион сумға шекем, 5 жыл мүддетке, 2 жылға шекем жеңиллетилген дәўир менен бериледи.

Буннан тысқары, халықаралық финанс институтлары менен исбилерменлеримиз ушын 1 миллиард доллар узақ мүддетли кредит линияларын тартыў бойынша анық келисимлерге еристик. Соннан 300 миллион доллары ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлиги жойбарларына ажыратылады.

Бул ҳаққында сөз еткенде, JICAдан – 400 миллион доллар, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкинен – 150 миллион доллар, Жәҳән банкинен – 150 миллион доллар, Азия раўажланыў банкинен – 120 миллион доллар, Ислам раўажланыў банки ҳәм саўда-қаржы корпорациясынан – 180 миллион доллар тартыў бойынша келисимлерге ерисилгенин атап өтиў керек.

Оған қосымша түрде мәмлекетлик банклерге сап пайдасынан 2 триллион сумды өзлеринде қалдырыў ҳәм киши исбилерменлердиң жойбарлары ушын қаратыў имканияты жаратылады.

Хабарыңыз бар, апрель айында микро қаржыландырыў жумысына күшли түртки беретуғын нызам қабыл еттик. Бирақ, тилекке қарсы, исбилерменликти раўажландырыўда елеге шекем бул системаның орны сезилмей атыр.

Орайлық банктиң баслығы М.Нурмуратов ески системадан ўаз кешип, микроқаржыландырыў шөлкемлериниң раўажланыўына тосқынлықларды алып таслаўы керек. Ол Әдиллик министри Р.Давлетов пенен бирге ҳәр үш айда бизнес ўәкиллери менен ушырасып, жаңа нызамның әмелде ислеўине жуўапкер болады.

Улыўма етип айтқанда, еки ай мүддетте микроқаржыландырыў шөлкемлерине қосымша қаржыларды тартыў, олардың кредитлеў имканиятларын кеңейтиў бойынша айрықша илажларды белгилеп, жылдың ақырына шекем кескин өзгерислер киргизиў керек.

Екиншиден, коммерциялық банклер орта бизнес жойбарлары ушын халықаралық финанс базарларынан мәмлекет кепиллигисиз 700 миллион доллар қаржы тартады. Онда 5 миллион долларға шекем кредитлер орта исбилерменлерге 7 жылдан кем болмаған мүддетке 5 жылға шекем жениллетилген дәўир менен бериледи.

Сондай-ақ, коммерциялық банклер мәмлекет ресурс ажыратыўын күтип отырмай, депозитлер есабынан 20 триллион сумды тартады ҳәм қосымша кредитлерди бериўге қаратылады.

Үшиншиден, аймақларда 109 орта бизнес ўәкиллери баҳасы 4,6 миллиард доллар муғдарында 111 ири жойбарды әмелге асырыў басламасы менен шыққан. Бул арқалы 45 мың жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Бүгинги ушырасыўда бул басламаны алға қойған бизнес ўәкиллериниң көбисин көрип турман. Олар өз есабынан 1,6 миллиард доллар ҳәм 1 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыўға таяр. Қалған 2 миллиард доллар ушын узақ мүддетли кредитлер зәрүр. Усы мақсетте Миллий банк, Санаат қурылыс банки ҳәм Ипотекабанк усы қаржыларды тартыў бойынша мәнзилли жумыс ислейди.

Баслама көрсетип, ҳәм өз жумысын кеңейткен, ҳәм басқа да кәрханалардың өсиўине жәрдем беретуғын бундай исбилерменлерди мәмлекет ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.

Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев ҳәм инвестиция ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Воитовқа тапсырма: бул жойбарлардың ҳәр бирине ўәлаят ҳәкимлериниң инвестициялар бойынша орынбасарлары, Ҳүкимет ҳәм министрликлерден жуўапкерлерди бириктирип, машқалаларын ҳәр 15 күнде жеке өзи додалап, шешимлер таўып барсын. Ҳәр шеректе жойбарлардың барысы бойынша Президент Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.

Буннан тысқары, қаржы министри Т.Ишметов шеттен тартылып, банклерге жайластырылған ресурсларды исбилерменлерге ажыратыў мүддетлерин 2 есеге созсын. Яғный, кредитлер бурынғы 7 жыл орнына 14 жылға шекем ажыратылады. Онда Қаржы министри процент ставкасын 14 проценттен, сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша маржасын болса 0,25 проценттен арттырмайды (ҳәзирги ўақытта 1 процентке шекем).

Төртиншиден, кредитлеўде тийкарғы машқалалардан бири – гиреў тәмийнатының жетиспеўшилиги есапланады.

Таллаўларға қарағанда, банклерге мүрәжат еткен исбилерменлердиң 16 процентинде гиреў жетиспеўшилиги себепли оларға кредит бериўден бас тартқан.

Сол себепли Исбилерменлик қоры тәрепинен кепиллик бериў имканиятлары қосымша 2 есеге арттырылады (ҳәзирги күнде 10 триллион сум).

Нәтийжеде кеминде 15 мың исбилерменниң бизнес жойбарлары ушын кредит алыўдағы гиреў мәселеси шешиледи. Исбилерменлеримиз буннан бираз шаршаған.

Кредит бериўде айланыстағы товарлар, экспорт шәртнамалары, ашылған аккредитивлер ҳәм келеси түсимлерден де гиреў тәмийнаты сыпатында пайдаланыў ўақты келди.

Орайлық банк (М.Нурмуратов) 1-октябрьден бул системаны барлық банклерге енгизиўди тәмийинлесин ҳәм барлық коммерциялық банклердиң басшылары менен бирге бул механизмлер толық ислеп кетиўине жуўапкер болады.

Үшинши бағдар. Кредит бериў, бул – мәселениң бир тәрепи. Бизнес жүрип кетиўи ушын жетерли шараят, инфраструктура ҳәм кепилликли базар керек.

Сол себепли, бириншиден, район ҳәм қалалардың шараятынан келип шығып, бизнес ушын айрықша көзқарасларды енгиземиз. Мәселен, Ташкент ўәлаятындағы Қибрай районы менен Аққорған районы, Бухара ўәлаятының Ғыждуўан районы менен Олот районында бизнести баслаў ҳәм жүргизиў ушын шараятлар пүткиллей ҳәр қыйлы болса да, ҳәмме талап ҳәм көзқарасларымыз бир қыйлы болып қалмақта.

Соның ушын келеси жылдан шараяты бойынша барлық район ҳәм қалалар 5 категорияға ажыратылады. Оларда салық, субсидия, кредит процентлери ушын компенсация ҳәм кепиллик бериў, инфраструктураға жалғаў бойынша айрықша тәртиплер белгиленеди.

Екиншиден, бизнес ушын барлық шараят ҳәм инфраструктураға ийе болған заманагөй санаат зоналарын көбейтемиз.

Әпиўайы мысал, буннан 3 жыл бурын Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Технопарк жылына 300 миллион доллар өним ислеп шығарып, 120 миллион доллар экспорт етилмекте. Бундай технопарклер барлық аймақларда болыўы керек. Сол себепли ҳәр бир ўәлаятта 100 кәрхана ушын ири санаат зоналары шөлкемлестириледи. Оларға инфраструктура тармағы мәмлекет тәрепинен алып келинеди, бизнес ушын өндирис компаниялары тартылады, Инновациялар ҳәм инжинирнг орайы ҳәм заманагөй лабораториялар шөлкемлестириледи.

Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Ж.Ходжаев ўәлаят ҳәкимлери менен бирге усы мәселелер бойынша еки ай мүддетте Министрлер Кабинети қарары менен ҳәр бир аймақ бойынша өз алдына бағдарламаларды тастыйықлап, әмелий жумысларды басласын.

Үшиншиден, өткен жылы баҳасы 200 миллиард сумнан жоқары болған жойбарларды барлық инфраструктура тармақларына жалғаўды мәмлекет өз мойнына алды.

Бул бағдарда исбилерменлеримизден түскен усыныслардан келип шығып, және бир имканият жаратамыз. Яғный, бундай жойбарлар бойынша исбилерменлер инфраструктурасына өз қаржысын жумсаса, олардың салық базасы сонша суммаға кемейтиледи.

Төртиншиден, биз 2021-жыл ноябрь айында жер участкаларын меншиклестириў бойынша нызам қабыл еттик.

Процесс жақында басланғанына қарамастан, ҳәзирги күнге шекем 10 мыңға шамалас мүрәжатлар келип түсти.

Исбилерменлеримиз ушын қосымша қолайлық жаратыў бойынша және бир усынысым бар.

Меншиклестириў ушын белгиленген жер салығының 20 есеси муғдарындағы төлем Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларында 10 есеге (яғный, 1 сотых ушын орташа 6 миллион сумға), басқа да аймақларда 5 есеге шекем (1 миллион сум) төменлетиледи.

Соның менен бирге, көплеген исбилерменлеримизди қыйнап келген және бир мәселе – әмелдеги тәртип бойынша юридикалық тәреп сапластырылғанында, оның жерге болған ҳуқықы да бийкар етилмекте. (Бул тәртип 1998-жылы орнатылған ҳәм сол ўақытта жердиң базар баҳасы болмаған).

Буннан былай аукционда жер сатып алған исбилермен қандайда бир себепке бола жумысын жуўмақласа, оның жерге болған ҳуқықы әлбетте сақланып қалаўы шәрт.

Бесиншиден, исбилерменлеримиздиң орынға болған талапларын қанаатландырыў ушын жылдың ақырына шекем қосымша 10 мыңнан аслам жер участкалары саўдаға шығарылады, аукционға шығарыў мүддети әмелдеги 80 күннен 30 күнге қысқартылады, шетки аймақларда жерлерди аукционға шығарыўда төменлетилген коэффициентлер қолланылады, бос турған объектлерди аукцион арқалы ижараға бериў мүддети әмелдеги 1 жылдан 3 жылға созылады.

Төртинши бағдар. Исбилерменлеримизден мүлк ҳуқықын қорғаў мәселесинде 1 мыңнан артық мүрәжатлер келип түскен.

Енди жеке меншик мүлкке қатнас пүткиллей басқаша болады.

Бириншиден, буннан былай жер ҳәм мүлк ажыратыў ҳаққындағы қарарларды бийкарлаў тек ғана суд тәртибинде әмелге асырылады.

Пурсаттан пайдаланып, барлық ҳәкимлердиң итибарын бир мәселеге қаратпақшыман – мүлк ҳуқықына байланыслы қарарларды олар тәрепинен бийкар етиўге жол қойылмайды. Яғный, ҳуқық бериўши ҳүжжетти тек ғана суд ҳақыйқый емес, деп табыўы мүмкин болады.

Екиншиден, исбилерменлерди қыйнап атырған және бир әмелият – тергеў процесинде мүлкти хатлап қойыў.

Мысалы ушын, өткен 3 жылда тергеўшилер тәрепинен анықланған зыяннан еки есе көп мүлк хатланған (1,5 триллион сум).

Енди ҳәр бир хатлаўдың тийкарлы екени суд тәрепинен көрип шығылады, қарарды тек ғана суд қабыл етеди. Сонда ғана әдиллик болады, деп ойлайман.

Үшиншиден, исбилерменлердиң судларға мүрәжат етиў имканияты кеңейтиледи. Онда олардың ҳәкимшилик судларға арза бериўинде мәмлекетлик бажының ставкасы 2 есеге азайтылады.

Мәмлекетлик бажының ставкасы шағым муғдарына қарап емес, ал белгили бир суммада белгилениўи шәрт болады (ҳәзирги ўақытта шағым суммасының 2 проценти муғдарында).

Исбилерменлердиң салық уйымларының қарары үстинен судқа шағым киргизиў мүддети ҳәзирги 1 айдан 3 жылға создырылады.

Исбилерменниң банктеги есап бетинен қаржыны оның келисимисиз көшириў ямаса алып қойыў мүмкин емес, артықша өндирилген төлемлер өз ўақтында қайтарылыўы шәрт. Бул талапты бузған басшылар ушын нызам менен ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик киргизиўди усыныс етемен. Бул усыныс исбилерменлеримизге мақул болады, деп ойлайман.

Бесинши бағдар – исбилерменлердиң жумысын қадағалаў ҳәм оларды жуўапкершиликке тартыў мәселелери менен байланыслы.

Бириншиден, исбилерменлерге жаңа жуўапкершилик ҳәм жаза илажларын енгизиўге 3 жыллық мораторий жәрияланады.

Сондай-ақ, исбилерменлерге миннетлемелер жүклейтуғын жаңа нызам ҳүжжетлери қабыл етилгенинде, жол қойған қәтеси ушын исбилерменге  6 ай даўамында жаза қолланылмайды.

Келеси жылдан 26 уйымның тәкирарланыўшы қадағалаў функциялары бийкар етиледи.

Екиншиден, киши бизнес ўәкиллери тәрепинен салық тексериўлери менен байланыслы жәриймалардың түри көп ҳәм аўыр екенлиги мәселеси бойынша жүдә көплеген мүрәжатлер келип түсти.

Мысалы ушын, ҳәзирги күнде айланыстан салық төлеп атырған 370 мыңнан аслам киши исбилерменлердиң салық бойынша орташа айлық төлеми 1 миллион сум әтирапында. Бирақ, касса шегин бермегени ушын 5 миллионнан 10 миллион сумға шекемги финанслық, сондай-ақ, 3 миллионнан 12 миллион сумға шекемги ҳәкимшилик жәрийма салынады. Яғный, киши исбилерменлер ушын да, ири кәрханалар ушын да жаза бирдей.

Улыўма, саўда тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлеримизди дерлик 30 жылдан берли қыйнап келетуғын машқала да шешиледи, яғный, саўда қағыйдаларын бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик толық бийкар етиледи (Жынаят кодексиниң 189-статьясы).

Биринши мәрте қәтелик еткен киши бизнес ўәкиллерине жаза илажы қолланылмайды. Оның орнына кемшиликлерди сапластырыўға салық уйымлары жәрдемши болатуғын система енгизиледи.

Жәриймалар муғдары да исбилерменлердиң төлеп атырған салығынан асып кетпеўи керек.

Бизнес-омбудсман (Д.Қосимов), Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Қудбиев) еки ай мүддетте усы жеңилликлер бойынша нызам жойбарын киргизсин.

Үшиншиден, 1-ноябрьден ҳәр қандай тексериўлер тек ғана Бизнес-омбудсманда жаңадан иске қосылатуғын электрон платформа арқалы әмелге асырылады.

Барлық түрдеги тексериўлер Бизнес-омбудсман тәрепинен муўапықластырылыўы керек.

Улыўма, әдиллик министри Р.Давлетов, Бизнес-омбудсман Д.Қосимов еки ай мүддетте исбилерменлердиң усынысларын терең үйренип, тексериўлердиң мүддетлерин қысқартыў, финанслық қәтелер менен кемшиликлердиң минимал шекленген муғдарын белгилеў, тексериў процесслеринен исбилерменди хабардар етиў ҳәм шағымларды ашық форматта көрип шығыў бойынша нызам жойбарын ислеп шықсын.

Соның менен бирге, 1-октябрьден баслап салық келеспеўшиликлерин шешиў бойынша Салық комитети ҳәм Саўда-санаат палатасының биргеликтеги Апелляция кеңеси шөлкемлестириледи. Кеңеске Аудиторлар ҳәм Салық мәсләҳәтшилери палаталары, Бухгалтерлер ассоциациясы ўәкиллери, исбилерменлерди де киргизиў керек болады.

Ҳүрметли исбилерменлер!

Бүгин билдирилген басламалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша да жаңа система, бизнес пенен ҳақыйқый биргеликте ислейтуғын орталық қәлиплестириўимиз керек. Оның ушын район ҳәм қала орайларында Исбилерменлер паркин шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Бул жерде исбилерменлер, банк ўәкиллери, инвесторлар ушын бизнес жойбарларын додалайтуғын орталық пайда болады, Wi-Fi, коворкинглер ушын қолайлы шараятлар, B2B зоналар болыўы керек. Район, қала белсенди исбилерменлериниң ерискен нәтийжелери жыл даўамында «Абаданлық дөретиўшилери» көргизбелеринде көрсетилсе, билесизлерме, олардың мәртлиги ҳәм кейпияты қандай көтериледи!

Сондай-ақ, он шәкирт исбилермен тәрбияланған бизнес ўәкиллерине өз алдына салық жеңилликлерин енгиземиз.

Ҳақыйқатында да, егер исбилермен шәкиртлер таярласа, олар өз бизнесин баслап, жумыс орынларын жаратса, биз берген салық жеңиллиги он есе болып қайтады.

Усы жерде және бир мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман. Бизде қурылыс, мәденият, билимлендириў сыяқлы тараў ўәкиллери ушын ҳүрметли атақлар бар. Бирақ, Жаңа Өзбекстан тырнағын жаратыўға ең үлкен үлес қосып киятырған мийнеткеш исбилерменлердиң бул бағдарда итибардан шетте қалғаны-әдилликтен емес.

Соның ушын көп жумыс орынларын жаратқан, бизнестиң жаңа бағдарларын жолға қойған, өз тараўында инновациялар ҳәм реформалар ислеген, халық арасында абырайға ерискен бизнес ўәкиллерин мүнәсип тән алыў ушын «Өзбекстанда хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағын шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Енди Саўда-санаат палатасының жумыс процеси де пүткиллей өзгереди. Бәринен бурын, Палатаның аймақлық бөлимлериниң жумысын жанландырыў зәрүр.

Буннан былай олар район, қала исбилерменлерин бирлестирип, оларды қыйнап атырған машқалалар менен мәселелерди анықлаў менен әмелде шуғылланады. Сондай-ақ, олар ҳәр бир район ҳәм қалада алдыңғы методикалар тийкарында бизнеске оқытыў мектеплерин шөлкемлестиреди. Соның менен бирге, оларға ҳәкимлер ҳәм басқа да аймақлық басшыларға көрип шығыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў ўәкиллиги бериледи. Соның менен бирге жергиликли кеңеслер ҳәм ҳәкимлер менен ҳәр айда кеминде еки мәрте сын көзқарастан додалаўларды өткереди.

Соның менен бирге, Саўда-санаат палатасының өзине де Ҳүкиметке көрип шығыўы мәжбүрий болған мәселе киргизиў, исбилерменниң мәпин гөзлеп Жоқары судқа арза бериў және экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм жынаят ислери бойынша суд қарарларын қайта көрип шығыў бойынша шағым киргизиў ўәкилликлери бериледи.

Саўда-санаат палатасы Ҳүкимет бойсыныўынан толық шығарылады. Яғный, Палата буннан былай исбилерменлер мәпиниң ҳақыйқый қорғаўшысына айланады.

Барлық исбилерменлерди кеңнен қамтып алыў мақсетинде киши ҳәм орта исбилерменлер Палатаға ағзалық төлемин төлеўден пүткиллей азам етиледи. Оның орнына Палатаға ҳәр жылы бюджеттен қаржылар ажыратамыз.

Соның менен бирге, Бизнес-омбдусманға исбилерменлик ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша барлық ўәкилликлерди бергенбиз. Енди оның да жумыс системасы өзгереди.

Бизнес-омбудсман ашық форматтағы сөйлесиў ямаса басқа да Президент илажын күтпестен, 1-январьдан исбилерменлердиң мүрәжатларын 24 саат қабыл ететуғын крауд-сорсинг платформасы – Исбилермен виртуал офисин иске қосады.

Бул система арқалы Бизнес-омбудсман исбилерменлердиң мүрәжатларын қабыллайды, орынланыўын қадағалайды ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын бузғанларды жазалайды.

Жоқарыда айтылған барлық усынысларды әмелге асырыў ушын Президент жанында Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Жәмийетлик кеңес дүзиледи.

Президент Администрациясының басшысы С.Умурзаков еки ҳәпте мүддетте усы Кеңестиң жумысын шөлкемлестирсин.

Ҳүрметли ашық форматтағы сөйллесиў қатнасыўшылары!

Бүгин сизлер менен мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы көпшилик мәселелерди додалап, олардың шешими бойынша ўазыйпаларды белгилеп алдық.

Әлбетте, оларды әмелге асырыў ушын барлығымыз биргеликте еле көп жумыс ислеўимиз керек. Әсиресе, сиз, ҳүрметли бизнес жәмийетшилиги ўәкиллеринен буннан да белсенди, интакер болыў, орынларда жергиликли ҳәкимликлер, тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм кең жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди және де күшейтиў талап етиледи.

Өзгерислер ҳеш қашан аңсат болмайды, оны барлығымыз жақсы түсинемиз. Бирақ, Жаңа Өзбекстанды қурыў бул машақатларға арзыйды.

Жетерли билим ҳәм тәжирйибеге ийе, күш-ғайратлы исбилерменлеримиз бул тараў алдында турған ўазыйпаларды нәтийжели орынлаўда буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларын жумсайтуғынына исенемен.

Биз Жаңа Өзбекстанда қурыў жолында оғада әҳмийетли ҳәм шешиўши басқышқа қәдем қоймақтамыз. Сизлердиң пидайы мийнетиңиз, инновациялық пикир ҳәм көзқарасыңыз бүгин ҳәр қашанғыдан да зәрүр ҳәм бул өз гезегинде, сиз, барлық тараў ўәкиллерине үлги болатуғыныңызға исенемен.

Сиз, әзизлерди Исбилерменлер күни менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, уллы мәртебели жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарағыңызға бахыт, қут-берекет тилеймен.

Бәрқулла аман-саў болың !