Өзбекстан Республикасы Президенти «2022-2023-жылларда мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Ҳүжжет пенен:

– 2022-2023-жылларда тараўды раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпалары белгиленди. Мысал ушын, 2022-жылдың ақырына шекем елатлы пунктлерди кең полосалы мобиль байланыс тармағы менен қамтып алыў дәрежеси 98 процентке, халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жоллары бойлап жоқары тезликтеги мобиль интернет қамтып алыўы 60 процентке жеткериледи;

– 2022-жыл 1-сентябрьден баслап республиканың барлық аймақларында МКТни қолланыў арқалы аралықтан хызметлерди эксперт етиў орайлары басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи;

2022-жыл 1-ноябрьден мобиль байланыс операторлары, коммерциялық банклер ҳәм төлем системаларының операторларына мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел еткен ҳалда, өзлериниң мобиль қосымшалары арқалы Бирден-бир порталдағы электрон мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўге рухсат бериледи;

– 2023-жылдан баслап ҳәр жылы жаслардың мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўындағы стартап жойбарларын буннан былай да қоллап-қуўатлаў мақсетинде Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры есабынан улыўма сыйлық қоры 1 миллион доллар Президент сыйлығы ушын таңлаў өткериледи;

2022-жыл 1-октябрьден баслап МКТ тараўында IT-билимлендириў хызметлерин көрсетиў, программалық өнимлер ислеп шығыў ҳәм экспортқа бағдарлаў бойынша стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры есабынан Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаў тийкарында 1 миллиард сумға шекемги грантлар ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги