26-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдуған менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Президент Режеп Таййип Эрдуғанды туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, оның Өзбекстан менен Түркия арасындағы туўысқанлық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларды раўажландырыўға, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған үлкен итибарын ҳәм ҳәрекетлерин және қосып атырған үлкен үлесин айрықша атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет басшылары тәрепинен  2017-жыл октябрь айында Түркия Республикасына әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар етиў ўақтындағы нәтийжели ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратқаны және анық әмелий мазмун бағышлағаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Президент Режеп Таййип Эрдоған Президент Шавкат Мирзиёевқа қутлықлағаны ҳәм жақсы тилеклери ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Өзбекстан Президенти тымсалында Өзбекстан – Түркия бирге ислесиўин ҳәр тәреплеме беккемлеў бағдарында ҳақыйқый дос ҳәм пикирлеске ийе болғанын айрықша атап өтти.

Сол тарийхый сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша ерисилген анық келисимлер менен қол қойылған шәртнамалардың орынланыўы, соның ишинде, саўда, инвестиция, банк-қаржы, транспорт, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли тараўлардағы ири қоспа жойбарларды турмысқа толық енгизиў боынша келисип алынды.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның Өзбекстан Республикасына болажақ жоқары дәрежедеги сапарына таярлық көриў және бурын ерисилген келисимлердиң орынланыўы мәселелери бойынша Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық бирликтеги комиссияның гезектеги мәжилисин шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында еки елдиң басшылары Өзбекстан – Түркия бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў перспективаларын ҳәр тәреплеме додалады, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары Өзбекстан менен Түркия арасындағы әзелий дослық ҳәм туўысқанлық байланысларды және дәстүрий тығыз бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм беккемлеўге таяр екенин билдирди.

ӨзА