Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хаткери Шерзад Асадов журналистлер ушын гезектеги брифинг өткерди.

Илаждың басында мәмлекетимиз басшысының өткен ҳәптедеги жумысы ҳаққында қысқаша мәлимлеме берилди.

Өткен ҳәпте әҳмийетли ўақыяларға бай болды. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы үш күнниң ишинде еки аймаққа барды. Сондай-ақ, мәжилис, таныстырыў ҳәм видеоселектор да болып өтти.

Президент 8-август күни Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Дүньяда қарама-қарсылықлар күшейип, транспорт коридорларында ҳәр қыйлы машқалалар болып атырған бүгинги шараятта қоңсылас мәмлекетлеримиз буннан былай да бирлесип, байланысларды кеңейтиў керек. Сонлықтан мәжилисте бәринен бурын экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы жаңа жойбарлар менен усыныслар көрип шығылды.

9-август күни болып өткен таныстырыў да усы тараўға байланыслы. Онда халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў арқалы экспортты көбейтиў илажлары додаланды.

10-август күни Президентимиз Ташкент қаласындағы дөретиўшилик жумыслары менен танысты. Дәслеп Юнусабадта жаңадан қурылған Ташкент архитектура-қурылыс институтына барды. Кейинги мәнзил Юнусабад районындағы Сабырабад мәҳәллеси болды. Мәмлекетимиз басшысы бул жерде әмелге асырылған абаданластырыў жумысларын көзден өткерди, белсендилер менен сәўбетлести.

Президентимиз 6-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде халыққа комплексли хызмет көрсететуғын ипотека орайларын шөлкемлестириў зәрүрлигин айтқан еди. Жақында пайтахтымыздың Яшнабад районында усындай орай шөлкемлестирилди.

Ол жерде ипотека базарындағы барлық усыныслар улыўмаласқан. Халыққа Ташкентте қурылып атырған жайлар, оларға хызмет көрсететуғын банклер, ипотека кредитлериниң шәртлери ҳаққында толық мағлыўматлар бериледи.

Өткен ҳәптедеги және бир сапар 12-август күни Бекабад қаласына болды. Президентимиз дәслеп Өзбекстан металлургия комбинатындағы еки жойбар: бириншиси – усы жылы иске түскен арматура кәрханасы ҳәм екиншиси – енди қурылып атырған қуйыў прокат комплекси менен танысты.

Шавкат Мирзиёев Бекабад қаласына сапарының жуўмағында «Металлург» клубының жанындағы футбол академиясында да болды.

Ҳиндстанның Ченнай қаласында өткерилген шахмат олимпиадасында Өзбекстан сайланды командасы жеңимпаз болды. Бул ўатанымыз тарийхында биринши усындай жеңис болып табылады. Бул пүткил халқымыздың қатарында Президентимизди де жудә қуўандырды. Мәмлекетимиз басшысы сол ўақытта-ақ шахматшыларымызға қоңыраў етип, оларды қутлықлады. Арнаўлы пәрман менен шахматшы ҳәм тренерлерди мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлады.

Сондай-ақ, Президентимиз ҳәптениң соңында кәсиплик байрамы менен қурылыс тараўының ўәкиллерине де қутлықлаў жоллады.

Брифингте мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында усы ҳәптеде күтилип атырған әҳмийетли илажлар ҳаққында журналистлерге мағлыўмат берилди.

17-18-август күнлери Президентимиз Еки Муқаддес мешит хызметкери, Саудия Арабстаны Патшасы Салман бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетке барады.

Сапардың бағдарламасына муўапық Жидда қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди. Оларда мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланады.

Айрықша итибар «жасыл экономика», жоқары технологиялар ҳәм санластырыў, инновациялар, киши бизнес ҳәм исбилерменлик тараўларына қаратылады.

Саммит жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлердиң үлкен топламына қол қойылыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, мәмлекет басшысы Саудияның жетекши компаниялары, абырайлы халықаралық структуралар – Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Ислам раўажланыў банкиниң басшылары менен ушырасыў өткереди.

Соның менен бирге Президентимиз Мәкке Мукарраманы ҳәм Мадинаи Муннаввараны зыяратлайды. Соны да айтып өтиў керек – бул сапар етиў кейинги 30 жылда Өзбекстан Президентиниң Саудия Арабстанына дәслепки сапар етиўи болады.

Ҳәпте даўамында Президент жанында социаллық-экономикалық мәселелер бойынша мәжилислер өткерилиўи режелестирилген.

Өткен жылы Президентимиздиң пүткиллей жаңа форматтағы ушырасыўы – исбилерменлер менен ашық сөйлесиў өткериўи жолға қойылды. Биринши сондай ушырасыў өткен күн – 20-август болса елимизде Исбилерменлер күни деп белгиленди.

Усы жылы да мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер менен ушырасып, тараўдағы машқалалар менен ўазыйпаларды таллайды, бизнес ўәкиллериниң усыныс ҳәм басламалары менен танысып, жаңа шешимлерди көрсетеди, исбилерменликтиң раўажланыўына хызмет ететуғын қарарларды қабыл етеди.

Быйылғы илажды 22-август күни өткериў белгиленген. Мағлыўмат ушын, болажақ ушырасыўға исбилерменлерден республика штабына дерлик 8,5 мыңға шамалас мүрәжат келип түскен, олардың 72 проценти шешилген.

ӨзА