Ҳүрметли қурылысшы дөретиўшилер! Ҳүрметли ветеранлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди мәмлекетимизде кеңнен белгиленип атырған қутлы кәсиплик байрамыңыз – Қурылыс тараўы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге жоқары ҳүрмет ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Бизге белгили, мәмлекетимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўде усы тараў хызметкерлери – шебер қурылысшы ҳәм архитекторлар, механик ҳәм қурамалы техникаларды  басқарып атырған инсанлар, жойбарлаўшы, ҳәм дизайнерлер, қурылыс санааты ўәкиллери ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилердиң мийнети бәрқулла әҳмийетли орын ийелеп келеди.

Әсиресе, турмысымыздың барлық тараў ҳәм тармақларында үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары жедел алып барылып атырған, мәмлекетимиз үлкен қурылыс майданына айланған ҳәзирги күнде сизлердиң жуўапкершиликли ҳәм жоқары мийнетиңиздиң көлеми және әҳмийети барған сайын артып бармақта, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Сизлердиң тымсалыңызда қала ҳәм аўылларымызда, пүткил елимизде жаңадан өндирис кәрханалары, әҳмийетли социаллық объектлер, заманагөй турақ жайлар, жол ҳәм көпирлер қурылып, турмысымызды және де гөззал ҳәм абат етиўге шексиз үлес қосып киятырған кеңпейил кәсип ийелерин көремиз.

Бул қуўанышлы байрамда сизлерди Жаңа Өзбекстан қурылысшылары сыпатында ҳүрметлеп, абырай-мәртебеңизге ең жоқары тәрийп ҳәм тилеклеримизди билдиремиз, пидәкерлик мийнетиңиз ушын шын кеўилден миннетдаршылық айтамыз.

Қәдирли дослар!

Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы шеңберинде барлық реформаларымыздың орайына инсан қәдири, оның турмыслық мәплерин тәмийинлеў баслы мақсет етип қойылып атырғаны сизлерге жақсы белгили.

Мине, усындай уллы ўазыйпаны әмелге асырыўда басқа да тараўлар қатары қурылыс тараўы, оның үлкен имканиятлары шешиўши әҳмийетке ийе.

Тараўда алып барылып атырған системалы реформалар нәтийжесинде елатлы пунктлерди қурыўға комплексли көзқарас, турақ жай, ҳәр қыйлы имарат ҳәм объектлер менен бирге социаллық инфраструктура объектлери, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, билимлендириў, медицина ҳәм мәденият мәкемелери, дем алыў бағлары ҳәм қыябанлар, фонтанлар, балалар майданшалары ҳәм спорт объектлерин қурыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Буның әмелий тастыйғы сыпатында 2022-жылғы Инвестициялық бағдарлама бойынша 1 мың 868 социаллық объектте кең көлемли қурылыс, реконструкция ҳәм капитал оңлаў жумысларының алып барылып атырғанын атап өтиў орынлы болып табылады.

Бул ҳаққында сөз еткенде, жойбарлар орынлардағы халқымыз бенен мәслеҳәтлесип ислеп шығылған «Жаңа Өзбекстан» массивлери ҳаққында айрықща тоқтап өтиў керек, деп ойлайман. Бул атамадағы жәми 29 массивте 21 мың 312 квартираға мөлшерленген 619 заманагөй турақ жай, сондай-ақ, онлаған жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплери, медицина мәкемелериниң қурылып атырғанын мысал етип келтириў мүмкин.

Бул бағдарда көп қабатлы турақ жайлар ҳәм инженерлик-транспорт коммуникациялары, социаллық тараў, өндирис, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери комплексли тәризде қурылып атырғаны, келеси бес жылда 250 мыңнан аслам шаңарақ заманагөй қолайлықларға ийе болған турақ жайлар менен тәмийинлениўи, әлбетте бәршемизди қуўандырады.

Әсиресе, халықты арзан ҳәм сапалы турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламалары шеңберинде үлгили көп қабатлы турақ жайлар әтирапында мәденият ҳәм көркем өнер орайлары, спорт объектлери, медицина мәкемелери ҳәм басқа да орайлардың қурылып атырғанын, «Абат аўыл» бағдарламасы бойынша 413 мәҳәллениң бас режесиниң ислеп шығылып атырғаны инсан ҳаққындағы итибар ҳәм ғамқорлықтың әмелий көриниси болып табылады.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде қурылыс материаллары санааты да жедел раўажланып бармақта. Мәселен, турақ жайлар ушын қурылыс материалларының 95 проценти өзимизде ислеп шығарылмақта. Бул болса жаңа турақ жайлардың сапалы ҳәм беккем, өзине түсер баҳасының арзан болыўын тәмийинлейди, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгин заманның өзи қурылыс тараўында да және де әҳмийетли ҳәм актуал ўазыйпаларды алдымызға қоймақта. Атап айтқанда, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, аўылларды район орайлары менен байланыстыратуғын заманагөй жоллар қурыў, үлги жойбарлар тийкарында жаңа бақша ҳәм мектеплер, шаңарақлық поликлиникалар қурыў, базар инфраструктурасы объектлери ҳәм сервис шақапшаларын көбейтиў, халық ҳәм жумысты бөлип алып ислейтуғын шөлкемлер, исбилерменлик субъектлерин қурылыс материаллары менен орайласқан ҳалда тәмийинлеў бойынша нәтийжели система жаратыў, қурылыс базарын жаңа инновациялық хызметлер менен толықтырып барыў, тараў ушын жоқары маман кадрлар таярлаў бағдарында еле көп жумыс ислеўимиз керек.

Исенимим кәмил, өз жумысының ҳақыйқый устасы болған шебер қурылысшылар ҳәм қәнигелер, тараўда мийнет етип атырған барлық инсанлар өзлериниң бар күш-ғайраты, билим ҳәм тәжирийбесин мине усындай үлкен ўазыйпаларды табыслы орынлаўға мобилизациялап, буннан былай да елимизге ҳүжданлы түрде хызмет етеди.

Өз гезегинде мәмлекетимиз сизлердиң және де нәтийжели жумыс алып барыўыңыз, мәмлекетимиз қурылыс тараўы потенциалын арттырыў ушын келешекте де зәрүр шараят ҳәм имканиятларды жаратып береди.

Сиз, әзизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт ҳәм шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Қолыңыз ҳеш қашан дәрт көрмесин, мийнетиңиздиң рәтин көриң, әзиз қурылысшылар

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти

ӨзА