АҚШ бул ҳаққында жеткиликли мағлыўматқа ийе екенин мәлим етти ҳәм региондағы аўқамласларды бул сценарийге жуўап илажларын таярлап қойыўға шақырды, деп билдирди пийшемби күни Мәмлекетлик департамент баспасөз хызмети басшысының орынбасары Ведант Патель.
«АҚШтың гүман етиўинше, КХДР жаңа ядро сынағына таярлық көрмекте. Сол себепли АҚШ Япония ҳәм Қубла Корея менен биргеликте жуўап илажларын ислеп шықпақта», -деди Патель телефон арқалы өткерген бирфингте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги