Украина жетекшиси Владимир Зеленский 15-16-ноябрь күнлери Индонезияның Бали атаўында болып өтетуғын G20 саммитине қатнасыўы мүмкин.
Бул ушын Россия Президенти Владимир Путин әнжуманға келиўи керек. Бул ҳаққында Украина Президенти аппараты басшысының кеңесгөйи Михаил Подоляк «ВВС» басылымына берген интервьюинде мәлим етти.
– Бул мәселе саммит алдынан шешиледи, ҳәзир ҳеш нәрсе анық емес, – деди М.Подоляк. – Владимир Путин қарар қабыллағаннан кейин, биз қатнасыў ямаса қатнаспаў зәрүрлиги ҳаққында ойлап көремиз.
Алдын Украинада өткерилиўи режелестирилген усы саммит мәмлекеттеги сиясий жағдай себепли Бали атаўына көширилди.
Индонезия рәсмийлери алдынырақ Путин ҳәм Зеленскийди G20 саммитине мирәт еткени ҳаққында мағлыўмат берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги