Ташкент қаласында «ШБШға ағза мәмлекетлер регионлараралық саўдасын раўажландырыў перспективасы» темасында форум болып өтти.
Мәмлекетимиз басшылығында шөлкемлестирилген әнжуманда Бас министрдиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Жамшид Хўжаев структура шеңбериндеги бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын зәрүр болған ең әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти:
– Бул форумның абырайы жыл сайын артып бармақта. Илажға қатнасқанлар саны жүзден артқанын инабатқа алып, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң жаңа аймақларын шерикликтиң усы форматына турақлы тартып барыўы керек.
Биринши гезекте саўда-экономикалық ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.
Бүгин әдеўир турақсыз, тез өзгериўшең дүньяда, машқалалар дәўиринде жасап атырмыз. Алдымызда орынланыўы керек болған ўазыйпалар көп. Мәселелерди шеше алатуғын ҳәрекетлендириўши күш – мине усы аймақлар. Усы мәниде ең тийкарғы бағдарларда регионлараралық бирге ислесиўди тереңлестириў илаждың тийкарғы мақсети болып есапланады.
Пандемия даўам етип атырғанына қарамастан, Өзбекстан менен ШБШ еллери арасындағы өз-ара саўда көрсеткиши избе-из өсип атыр.
Республикамыздың шөлкемге ағза мәмлекетлер менен саўда-сатық көлеми 2021-жылы 24 процентке артты ҳәм 21 миллиард долларға жетти. Усы жылдың биринши ярымында өним алмасыў көлеми 30 процентке артып, 12 миллиард долларды қурады.
Өзбекстан Президентиниң басламасы менен ШБШның Душанбе саммитинде алға қойылған 2023-2025-жылларға мөлшерленген Шөлкем шеңберинде регионлараралық саўданы раўажландырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режеси Самарқандта болып өтетуғын Саммитте тастыйықланыўы ҳәм қабыл етилиўин күтип атырмыз.
Өзбекстанда ШБШға ағза мәмлекетлер қатнасыўындағы кәрханалар соңғы бир неше жыл ишинде 4 есеге көбейгенин айрықша атап өтиў керек. Мәмлекетимизге тартылған инвестиция муғдары өткен жылдың ақырында 4,6 миллиард долларды көрсетти. Бул жәми сырт ел инвестициясының ярымынан көби, дегени.
Бул нәтийжелер биргеликтеги бизнести жолға қойыў ҳәр тәреплеме пайдалы екенинен дәрек. Экономикалық бәсеки кескин күшейип барыўы шараятында ҳәрекетти және де жеделлестириў жүдә әҳмийетли.
Самарқанд қаласында жаңа жойбарлар ушын нәтийжели майданға айланыўы күтилип атырған «Өзбекстан-ШБШ» санаат зонасы қурылмақта. Бул аймақта ШБШ инвестициялық жойбарларды раўажландырыў орайы шөлкемлестириледи. Бул процесстеги тийкарғы ўазыйпа нәтийжели басламаларды алға қойыў ҳәм турмыста қолланыў арқалы мәмлекетлеримиздиң санаат, инфраструктура, шийки зат ҳәм инсан потенциалын улыўма мақсетимиз жолында жумсаўдан ибарат.
Және бир бағдар – азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша аўыл экономикасын жеделлестириў.
Раўажланған улыўмалық агросанаат комплексин қәлиплестириў ШБШ аймағы халқына сапалы азық-аўқат өнимимн жеткерип бериў, шөлкемниң дүнья аўыл хожалығы базарындағы дәрежесин беккемлеўде тийкарғы факторлардан бири болып есапланады.
Ағза мәмлекетлердиң улыўма майданы 34 миллион квадрат километрден зыят. Бул жүдә үлкен, көз алдымызға келтириў қыйын потенциалға ийе аймақ. Агросанаат кәрханаларымыз арасында системалы, тиккелей ҳәм қолайлы бирге ислесиўди орнатыў ушын барлық шараятты жаратыў усыныс етиледи.
Соның ушын 2022-жылдың ақырына шекем анық басламаларды алға қойыў, соның ишинде ШБШның 2023-2025-жылларға мөлшерленген биргеликтеги аўыл хожалығы регионаллық бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм белгиленген режени системалы түрде әмелге асырыў механизмин жаратыў усыныс етиледи.
Үшинши әҳмийетли бағдар – бул туризм.
Мәмлекетлеримизде теңсиз туристлик имканият бар, жүзлеген бийбаҳа тарийхый ҳәм мәдений мәнзиллеримиз, тәбийғый ҳәм архитектуралық естеликлеримиз бар.
Экологиялық, саламатландырыў ҳәм зыярат туризмин жедел раўажландырыўда, мине усы, аймақлар шешиўши әҳмийетке ийе екенлигин, туристлерге заманагөй ҳәм қолайлы шараят жарата алатуғынын және бир мәрте еслетпекшимен.
Алдыңғы мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў көлеминиң артып баратырғанын инабатқа алып, виртуал саяхат ямаса аралықтан хызмет етиў арқалы қәрежетти азайтыў, халықаралық тәжирийбени арттырыў мүмкин, деген пикирдемиз.
Ҳәр жылы ШБШның Регионаллық туризм форумын өткериў дәстүрине тийкар салыў зәрүр. Эпидемиологиялық тәртип-қағыйдаға қатаң әмел еткен ҳалда биринши әнжуманды 2023—жылы март айында Бухарада шөлкемлестириў усынысын киргизбекшимиз.
Жоқарыдағы басламаларды әмелге асырыў келешекте аймақларымыздың экономикалық жақтан турақлы раўажланыўына, халықтың абаданлығы, турмыс дәрежесиниң артыўына хызмет ететуғынына исенимиз кәмил.
ӨзА хабаршылары Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ ҳәм
Улуғбек МАҲМИРЗАЕВ жазып алды
ӨзА