Елимизде спорттың жүзиў түрин және де раўажландырыў, спортшыларды халықаралық ареналарға шығарыў, олардың шеберлик дәрежесин арттырыў мақсетинде 26-28-февраль күнлери республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың жүзиў түри бойынша 2004-2005, 2006-2009 ҳәм 2010-2011-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы қысқы чемпионатын өткериў режелестирилмекте.

Жарыс Өзбекстан жүзиў федерациясы тәрепинен тастыйықланған қағыйдалар тийкарында өткериледи.

Чемпионатқа командалар төмендеги усылларда қатнасыўы мүмкин: 2004-2005 жыллары туўылған ер балалар ҳәм қызлар – 200 метрге еркин, 200 метрге брасс, 200 метрге шалқалай, 200 метрге баттерфляй, 200 метрге комплексли жүзиў усылларында. 2006-2009-жыллары туўылған қыз балалар – 50 ҳәм 100 метрге еркин, 50 метрге шалқалай жүзиў усылларында күш сынасады.

2006-2009-жыллары туўылған ер балалар болса, 100 метрге еркин, 100 метрге брасс, 100 метрге шалқалай, 50 метрге баттерфляй, 200 метрге комплексли усылларында жүзип жарысады.

2010-2011-жыллары туўылған ер балалар 50 ҳәм 100 метрге еркин усылда жүзип өз-ара күш сынасады.

Жарыстың бас төрешиси, Қарақалпақстан сайланды командасының тренери Руслан Илясовтың берген мағлыўматларына сүйенсек, жарысқа Беруний, Хожели районлары ҳәм Нөкис қаласынан 150 ден аслам жас өспирим спортшылар қатнасады.

Жарыста  1-2-3-орынды ийелеген жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң дипломлары менен сыйлықланады.

 

Гаўҳар БЕГЖАНОВА

ҚМУ журналистика бағдары 2-курс студенти.